Жаз мәўсими де жуўмақланып бармақта. Улыўма алғанда быйылғы жаз мәўсими оншелли ыссы болмады, жаз айларындағы орташа температура нормадағы көрсеткишлерге жақын болды, деп жазбақта «Өзгидромет».

 

Сентябрь – гүздиң дәслепки айы. Өзбекстанда сентябрьде, әсиресе, оның биринши ярымында әдетте ҳаўа райы ыссы ҳәм алағат бултлы болады. Қысқа мүддетли жаўын-шашынлар тек ғана айрым күнлерде көбинесе таўлы ҳәм таў алды аймақларында бақланыўы мүмкин. Түнги температура 15-20 градус дөгерегинде болады, күндизги ўақытларда 32-37 градустан 25-30 градусқа шекем өзгерип турады.

 

Бүгин республикамыз бойлап жаўын-шашын болыўы күтилмейди.

 

31-августта Волгабойы аймақларынан салыстырмалы ығал ҳәм салқын ҳаўа ағымы кирип келиўи нәтийжесинде ҳаўа райы өзгереди. Өзбекстан бойлап ҳаўаның бултлы болыўы артып, жаўын-шашынсыз болыўы күтилмекте. Күндизги температура 28-33 градус дөгерегинде болыўы күтиледи, бул нормадан бираз төмен көрсеткиш есапланады.

 

Сентябрьдиң дәслепки күнлери ҳаўа райы тийкарынан жаўын-шашынларсыз болады. Температура түнде 15-20, күндиз 30-35 градус дөгерегинде болыўы күтиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.