Халық депутатлары Әмиўдәрья районлық Кеңесиниң XIII сессиясы болып өтти. Халықтың жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт еллерде жумыс ислеген, ҳәзиргидей шараятта жумыссыз қалған пуқараларды жумысқа орналастырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар сессия күн тәртибинен орын алды.

 

Атап өтилгениндей, районда пандемия шараятында 1234 шаңарақ «темир дәптер»ге киргизилип, райондағы исбилерменлер ҳәм жуўапкер шөлкемлер тәрепинен алып барылған жумыслар нәтийжесинде 109 шаңараққа қарамал, 4 шаңараққа қой-ешкилер, 13 шаңараққа таўық, 5 шаңараққа пал ҳәрре қутылары, 135 шаңараққа ықшам ыссыханалар берилген, сондай-ақ, 615 жумыссыз пуқара ҳәм 445 дәраматсыз қалған шаңарақлардағы жумыссыз пуқаралардың бәнтлиги тәмийинлениўи нәтийжесинде 446 шаңарақ жәрдемге мүтәж шаңарақлар дизиминен, улыўма 891 шаңарақ «темир дәптер»ден шығарылған.

Сессия жумысында районда усы жылдың 8 айы ушын бюджет түсимлери жобасы 53,7 млрд сум болып, жоба 86,0 процентке орынланғаны, соның менен бирге, райондағы микрофирма ҳәм киши кәрханалардан 206 исбилерменлик субъектине жер және мүлк салығынан 1,2 млрд сум муғдарында жеңилликлер берилгенлиги ҳаққында мағлыўматлар берилди.

 

Районда усы жылдың өткен айлары даўамында сырт еллерде 5 698 пуқараның ўақытша мийнет пенен шуғылланып атырғаны, соннан август айы жағдайы бойынша 1 419 пуқара районға қайтып келгенлиги ҳәм олардан 735 пуқара жумыс пенен тәмийинленгенлиги атап өтилди.

 

Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.