Усы жылдың 1-октябрине шекем Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң республикадағы барлық басланғыш бөлимшелери, улыўма орта билим бериў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң хызметкерлери орайласқан тәртипте гриппке қарсы бийпул емленетуғынлығы ҳаққында хабар берилген еди.

 

Мәлим болыўынша, емлеў ушын зәрүр болған қаржылар 2020-жыл 30-июльдағы «Коронавирус пандемиясы дәўиринде социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық жақтан қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Президент Пәрманында нәзерде тутылған және басқа қосымша қаржылар есабынан өткериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.