Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сегизинши сессиясы болып өтти.

 

Сессия күн тәртибине муўапық, тийкарғы еки мәселе көрип шығылды.

 

Сессия жумысында Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 20-август күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша район халқының жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт еллерде мийнет еткен, ҳәзирги ўақытта жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша алып барылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтилди.

 

Күн тәртибиндеги екинши мәселе бойынша усы жылдың өткен 7 айы даўамында районда әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарында алып барылған жумыслар көрип шығылып, бул бойынша депутатлардың тийисли пикирлери тыңланды.

 

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сегизинши сессиясы күн тәртибиндеги мәселелер толық көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

 

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Р.Джумамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.