Халық депутатлары Елликқала районлық Кеңесиниң  оныншы  сессиясы болып өтти.

Күн тәртибиндеги биринши мәселе, яғный, халықтың кем тәмийинленген қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўжландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт елде мийнет етип келген жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша район ҳәкиминиң биринши орынбасары Бабур Алимов кең түрде баянат жасады. Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Бас министриниң  басшылығында усы жылдың 24-август күни «2020-2021-оқыў жылына таярлық көриў жумыслары»на бағышланып өткерилген селектор мәжилиси тапсырмаларының орынланыўын тәмийинлеў бойынша район ҳәкиминиң орынбасары Бехзад Алимов шығып сөйледи.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Президентиниң  усы жыл 17-июльдеги «Аймақларда ишимлик суўы ҳәм канализация системаларын жақсылаў ҳәм гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў жумысларын жеделлестириў  илажлары ҳаққында» район ҳәкиминиң орынбасары А.Қурбанбаевтың, районлық ҳәкимшилик суды тәрепинен быйылғы жылдың өткен жети айы даўамында  пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, сондай-ақ, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлердиң ҳуқықлары және нызам менен қорғалатуғын мәплерин суд арқалы қорғаў жумысы ҳаққында әмелге асырылған жумыслар бойынша  районлық ҳәкимшилик судының баслығы Ж.Алланиязовтың баянатлары тыңланды. Сондай-ақ, сессияда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине сайлаў өткериўши 20-санлы «Сарабий» округлик сайлаў комиссияларының қурамы ҳаққында усыныс бериў туўралы депутатлардың пикир ҳәм усыныслары ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги