Усы жыл 27-август күни Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң он төртинши сессиясы болып өтти.

Сессия күн тәртибине қарап шығыўға халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дараматларын асырыў ҳәм шет мәмлекетлерде мийнет еткен пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳәм Қоңырат районындағы 2020-2021-оқыў жылына таярлық көриў бойынша алып барылып атырған жумыслардың барысы додаланды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Қоңырат районы ҳәкиминиң  финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Б.Курбанов ҳәм жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыў ислери бойынша орынбасары Ж.Сейтмуратовлар мәлимлеме берди.

Сондай-ақ, сессия мәжлисинде Өзбекстан Республикаси Президенти Ш.Мирзиёев басшылығында усы жылдың 20-август күнги видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген тапсырмалар, исбилерменликти раўажландырыў бойынша аймақлардағы қосымша имканиятлар ҳәм бул жолдағы ислениўи лазым болған жумыслар додаланып, олардан мақсетли пайдаланыў ҳәм де кооперацияларды жолға қойыў, жаңадан ашылған кәрханаларды қоллап-қуўатлаў, бюджет дараматларын асырыў, қосымша жумыс орынларын жаратыў арқалы халықтың, әсиресе, сырт ел мәмлекетлеринде мийнет еткен пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў мәселелери талқыланды.

Бүгинги күнде елмизде карантин талаплары жумсартылғаны менен коронавирус инфекциясының тарқалыў қәўпи еле сақланып қалынбақта. Соның ушын барлық орынларда болғанындай билимлендириў мекемелеринде де санитариялық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда жумысларды шөлкемлестириў талап етилмекте. Усы мақсетте усы жыл 24-август күни Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов басшылығында 2020-2021-жаңа оқыў жылына таялық көриў жумысларын шөлкемлестириў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилип бир қатар ўазыйпалар ҳәм тапсырмалар берилген еди.

Сессияда усы видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмалардың орынланыўы барысы ҳәм де 2020-жыл 25-26-август күнлери пандемия шараятында жаңа оқыў жылында тәлимди қайсы түрде алып барыў бойынша Қоңырат районы Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билимлендириў мектеплерде оқыўшылардың ата-аналары менен өткерилген сораўнамалардың нәтийжелери тыңланып, билимлендириў мекемелериниң жаңа оқыў жылына таярлығы мәселелери талқыланды.

Сессияда көрилген мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги