Усы жыл 27-август күни Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң  тоғызыншы  сессиясы болып өтти.

Сессияға секторлардың, тийисли мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Күн тәртибиндеги биринши мәселе Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усы жылдың 20-август күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша район халқының жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти раўажландырыў, бюджет дәраматларын арттырыў ҳәм сырт еллерде мийнет еткен жумыссыз пуқараларды жумысқа жайластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша район ҳәкиминиң биринши орынбасары Д.Жолдасов шығып сөйледи.

Бул мәселе бойынша  районы қаржы бөлими баслығының орынбасары Қ.Ержанов, районлық халықтың бәнтлигине көмеклесиӯ орайы директоры Б.Назаровлар әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Күн тәртибиндеги екинши мәселе – райондағы улыўма билимлендириў мектеплеринде 2020-2021-оқыў жылына таярлық көриӯ бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында районлық Халық билимлендириӯ бөлими баслығы Э.Мамбеткаримованың есабаты тыңланды.

Сессияда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги