Олий Мажлис Сенаты жанында шөлкемлестирилген Жаслар парламенти ағзаларының қатнасыўында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда Жаслар парламентиниң орны ҳәм келешектеги әҳмийетли ўазйыпаларға бағышланған онлайн дөгерек сәўбети болып өтти.

Онда Сенаттың Баслығы Танзила Норбоева қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Бүгинги күн жаслары дүнья көлеминде өз еркинликлери, нызамлы ҳуқықлары ҳәм мәплерине байланыслы әҳмийетли машқалаларды шешиў ҳәм оларға тәсир көрсетиўде демократиялық ҳәм пуқаралық жәмийетти қәлиплестириў процессиниң ҳақықый қатнасыўшыларына айланбақта.

Республикамызда жаслардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў оларға зәрүр шараятлар ҳәм имканиятлар жаратыў бағдарында беккем ҳуқықый база жаратылған ҳәм бул система заман талапларына сәйкес түрде жетилистирилип барылмақта. Атап айтқанда, бүгинги күнге шекем парламент тәрепинен жасларға байланыслы 40 тан аслам реже ҳүжжетлери қабыл етилген болып, 30 дан аслам халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлер ратификация етилген.

Ҳәрекетлер стартегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылын»да әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты жанында Жаслар парламенти шөлкемлестирилди.

Бул болса жас әўладқа олардың мәплерине тәсир көрсететуғын әҳмийетли экономикалық ҳәм социалық-сиясий машқалаларды шешиў процесинде қатнасыў ушын платформа ўазыйпасын атқарды.

– Мәмлекетимиз сиясатының тийкарғы бағдары бул – жасларға байланыслы сиясат болып, оның мақсети жаслардың социаллық қәлиплесиўи ҳәм камалға келиўи, дөретиўшилик шеберлигиниң жәмийетлик мәплери жолында имканы барынша толық әмелге асыўы ушын социаллық-экономикалық, ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик шараят жаратыў және оларды кепиллеўден ибарат, – дейди Танзила Норбоева. – 100 белсенди жаслардан қуралған Жаслар парламентиниң көпшилик ағзалары, 84и жергиликли Кеңеслердиң қурамындағы жас, потенциаллы депутатлар арасынан сайланған. Енди жаслар парламентиниң ҳәр бир ағзасы өзи жасайтуғын аймақтың жасларына тийисли машқалаларды үйренип, оның себеплерин анықлап, усы машқалаларды жаслар арасында додалап, оны сапластырыў бойынша жойбар таярлаў, жаслардың жаңа басламаларын алып шығыўы талап етиледи.

Жаслар парламенти жаслардың мәплерин қорғаў, олардың машқалаларын парламент минберине алып шығыў, нызам дөретиўшилигинде жаслардың қатнасыўын тәмийинлеў, болажақ депутатлар, Сенат ағзалары және сиясатшыларды таярлаў, жасларды үлкен мақсет ҳәм анық жойбарларға бағдарлап барыў сыяқлы ўазыйпаларды орынлайды. Жаслар парламенти тәрепинен қабыл етилген ҳүжжетлер усыныслы характерге ийе болады.

Дөгерек сәўбетинде Жаслар парламентиниң баслығы Моҳистара Муҳаммадюнусова усы структура комиссияларының келешектеги ўазыйпалары, парламенттиң жумыс режеси ҳәм регламентиниң жойбарлары ҳаққында айтып өтти.

Атап айтқанда, Жаслар парламентиниң ағзалары Президентимиз тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаны шын мәнисинде халық ҳәрекетине айландырыў, аймақлардағы санлы технологиялар оқыў орайлары ҳәм «Бир миллион программист» жойбарына ул-қызларды кеңнен тартыў, додалаўға қойылған реже жойбарларына орынлардағы жаслардың мәплери сәўлеленип атырғанын таллаў, Меҳрибанлық үйлериниң питкериўшилери ҳәм имканияты шекленген жаслардың жәмийетке ийкемлесиўине жәрдем бериў, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларда белсене қатнасыў сыяқлы режелерди тийкарғы мақсет етип белгиленген.

– Президентимиз, қалаберсе, Сенат тәрепинен енди шөлкемлестирилген Жаслар парламентине оғада үлкен исеним билдирип атырғаны биз жасларға және де жуўапкершилик жүклейди, – дейди Жаслар парламентиниң ағзасы Бехзод Тўхтамуродов. – Биз өз жумысымыз даўамында жаслардың машқалаларын, усыныс ҳәм басламаларын алып шығыўымыз, әсиресе, аймақлардағы жаслар менен байланыслы жағдай, қабыл етилип атырған нызамларда жаслардың мәпи қаншелли көрсетилип атырғанын терең үйрениўимиз зәрүр. Қысқа дәўир ишинде аудитория менен ислесиў, Жаслар парламентиниң шөлкемлестирилгени ҳаққында оларды кеңнен хабар етиў, олардың пикир ҳәм идеяларын социаллық тармақлар арқалы қабыл етиў бойынша жумысларды басладық. Тез арада жаслар белсенди болған социаллық тармақларда аудиториямызды қәлиплестирип аламыз.

Илаж даўамында Сенаттың ҳәр бир комитети Жаслар парламенти менен тығыз бирге ислесиўи зәрүр екенлиги аталып, комиссиялар тийисли комитетлерге бириктирилди.

25.JPG

36.JPG

50.JPG

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы