Өзлериниң анық мақсетлерине ерисиў ушын белгили  бир бағдарды таңлап алған абутуриентлер ушын толғаныслы күнлер жақынласпақта.

Cтудент болыў – ҳәр бир жастың әрманы. Жасларымыз арасында сырт елдиң жоқары оқыў орынларына онлайн оқыўға тапсырып, бир ўақыттың өзинде бир неше жоқары оқыў орынларына кирип, студент болыў бахытына миясар болмақта.

Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлимине қараслы «Прогресс» билимлендириў орайы жанындағы 46-санлы қәнигелестирилген мектептиң 20 ға жақын питкериўши оқыўшылары сырт ел жоқары оқыў орынларына тапсырып, бир неше оқыў орынларына оқыўға кирмекте.

Бул ҳаққында бизге Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги хабар бермекте.

 

Атап айтқанда, усы мектептиң питкериўшиси Илҳамбек Дәўлетбаев бир ўақыттың өзинде (Wesminster Universitety,  Webster University, Management Development Institute of Singapore in Tashkent (MDIS Tashkent), British Management University) төрт университетиң студенти болды.

 

Сондай-ақ тағы бир  питкериўши Бердақ Қаниязов та (Wesminster Universitety, Webster University, Cambridge  International, College Management Development Institute of Singapore in Tashkent (MDIS Tashkent) устазлары берген билимин ақлап, бир ўақыттың өзинде төрт университетиң студенти атанды.

– Онлайн тәризде S P Jain school of Global Management in Australia, New Castle College Australia, Wesminster Universitety лерине  оқыўға тапсырдым. Енди Jain school of Global Management in Australia оқыў орынында оқымақшыман, – дейди «Прогресс» билимлендириў орайы жанындағы 46-санлы қәнигелестирилген мектептиң питкериўшиси Айдана Жақыпбаева.  Усындай жетискенликке ерисиўиме себепши болған ата-анама, устазым Гулнара апа Матимоваға миннетдаршылық билдиремен.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы