Бүгин, 28-август күни Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңесиниң оныншы сессиясы болып өтти.

 

Сессияда елимизде коронавирусқа қарсы гүресиў бағдарында өз ўақтында алып барылып атырған жедел ҳәм қатаң илажлар нәтийжесинде пандемияның унамсыз ақыбетлериниң алды алынғанлығы, бул бойынша Президентимиздиң 20 ға шамалас пәрман ҳәм қарарлары және өткерилип атырған видеоселектор жыйналысларында да халықтың саламатлығын қорғаў, экономикалық ҳәм социаллық тараўлардың турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылып атырғанлығы сессияның күн тәртибиндеги тийкарғы мәселелер сыпатында көрип шығылды.

 

Сессия жумысында дәслеп халықтың кем тәмийинленген қатламын қоллап-қуўатлаўға байланыслы әмелге асырылып атырған илажлар бойынша райондағы сектор басшыларының есабатлары тыңланды.

 

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм шаңарақлардың дәраматларын арттырыў, кәмбағал шаңарақлардағы пуқараларды, оларды экономикалық жедел ҳәм бәсекиге шыдамлы қатламға айландырыўға бағдарланған жумысларға айрықша тоқтап өтилди.

Халық пенен өткерилген пикирлесиўлер, ушырасыўлар даўамында коммуналлық хызмет, ишки жоллардың сапасы, абаданластырыў, жеңилликли кредитлер алыў ҳәм басқа мәселелер бойынша көтерилген машқалалар өз ўақтында шешимин тапқанлығы атап өтилди.

 

Сессияда район аймағында исбилерменликти раўажландырыў бойынша алып барылып атырған илажлар, районлық жергиликли бюджеттиң 2020-жылдағы орынланыўы ҳәм жергиликли бюджет дәраматларын арттырыў, районда бәнтлик бағдарламасының орынланыўы және сырт еллерде жумыс ислеген, ҳәзирги ўақытта жумыссыз пуқараларды жумысқа орналастырыў мәселелери бойынша тийисли жуўапкерлердиң мәлимлемелери тыңланды.

 

Сессияда район ҳәкиминиң сессиялар аралығындағы бир неше қарарлары тастыйықланды. Илажда күн тәртибиндеги көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.