EUROUZ, Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў Миллий палатасы, Түркияның Çalik Holding ҳәм Италия мәмлекетиниң Pietro Fiorentini компаниялары улыўма баҳасы 40 мың евроға тең 17 дана өкпеге жасалма дем бериў аппаратларының жаңа әўладын жеткериў бойынша гезектеги гуманитар жәрдем акциясын өткериў мақсетинде күшлерин бирлестирди.

Өзбекстанға усы әҳмийетли жүктиң жетип келиўи менен өкпеге жасалма дем бериў аппаратлары Денсаўлықты сақлаў министрлигине тапсырылды.

-Пандемия ўақтында наўқаслар ҳәм шыпакерлер ушын нениң әҳмийетли екенлигин таңлаўда Миллий палата тийкарғы әҳмийетти инновацияға қаратады. Бул жағдайда өкпеге жасалма дем беретуғын аппаратлардың жаңа әўлады тек COVID-19 бенен кеселленген наўқасларға кеселлик аўыр кешип атырған ўақытта жәрдем берип қалмастан, сондай-ақ, елимиз шыпакерлериниң тәжирийбелерин арттырып, оларға үскенелер ҳәм емлеў усыллары бойынша ең заманагөй исленбелерден хабардар болып турыў имканиятын жаратады,- дейди Инновациялық Денсаўлықты сақлаў миллий палатасы баслығы Равшан Изамов.

Дүньяда әпиўайы авиақатнаў тәртиплери жолға қойылмаған бүгинги күнде логистика ҳәм ол менен байланыслы процести әмелге асырыў бағдарындағы жәрдемлер үлкен әҳмийетке ийе. Бунда Өзбекстан Республикасының Беннилюкс мәмлекетлериндеги елшиханаларының бирге ислесиўи исенимли таяныш болмақта. Атап айтқанда, усы жылдың апрель айында Өзбекстанға өкпе кеселликлерин емлеў ушын 4 комплект электроаппаратлары жеткерилди. Бундай аппаратлар Уханда COVID-19 дың аўыр формасы менен кеселленген наўқасларды емлеўде өзиниң нәтийжелилигин көрсеткен еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги