Ҳәзирги ўақыттағы пандемия шараяты, коронавирус инфекциясының кең тарқалыўының алдын алыў, халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў және абитуриентлер ушын қолайлықлар жаратыў мақсетинде 2020-2021-оқыў жылы ушын абитуриент магистратураға кириў имтиханларын бир күнде тапсырады. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

2020-2021-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларының магистратурасына кириў имтиханларында қатнасыў ушын рухсатнама енгизилмейди. Абитуриентлер өзлериниң жеке кабинетлерине электрон система арқалы кирип, имтиханлар өткерилетуғын орын ҳәм мүддет ҳаққында мағлыўмат алыўы мүмкин болады. Абитуриентлерден кириў имтиханларына паспорт пенен келиўи талап етиледи.

 

Мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине кириў имтиханлары Нөкис қаласындағы бир орында – Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өткерилиўи жобаластырылмақта. Имтихан сәнеси ҳәм ўақты ҳаққындағы мағлыўматлар абитуриентлердиң magistr.edu.uz платформасындағы жеке кабинетинде көрсетиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.