O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинде елимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы алдынан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентине республикамыздан сайланған жаслар менен ушырасыў болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы С.Турманов шығып сөйлеп, соңғы жыллары елимизде демократиялық мәмлекет қурыў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў, жаслардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў, сиясий процесслерде оларды көбирек тартыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығына тоқтап өтти. Быйылғы жылы Жаслар парламентиниң шөлкемлестирилиўи жаслар турмысындағы айрықша жаңалықлардың бири болды.  Жасларды усы парламенттиң ағзалары болғанлығы менен қутлықлап, оларды келешекте сиясий процесслерде еле де белсенди болыўға шақырды.

-Жаслар парламентине Қоңырат районынан ағза болғанымнан қуўанышлыман,-дейди Дәўлет Сәрсенбаев.-Келешекте сиясий билим ҳәм көнликпелеримизди арттырыў барыўда бизлерге айрықша жуўапкершилик жүклейди ҳәм бул исенимди ақлаўға ҳәрекет етемиз.

Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықый билимин арттырыў ҳәм жәмийетимиздиң белсенди ағзасынан айландырыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып табылады. Соңғы жыллары барлық тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар,  жаңадан шөлкемлестирилген парламентиң мақсет ҳәм ўазыйпалары бойынша пикир алысыўлар болды.

Илаж соңында Жаслар парламентине сайланған жасларға Исеним жарлықлары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги