Республикалық Балалар китапханасының шөлкемлестириўинде, Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы мүнәсибети менен «Fәрезсизлигим бахтым, ығбалым» атамасында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ҳәм Журналистлер аўқамының ағзасы, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Шуҳрат» медалының ийеси, «Алтын қәлем» халықаралық сыйлығының лауреаты, филология илимлериниң кандидаты, «Ардақлаў-2015» сыйлығының лауреаты Алланазар Әбдиев  пенен “ZOOM” программасы арқалы online ушырасыў болып өтти.

Оған республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан  китапқумар оқыўшылар қатнасты.

Жазыўшы ҳәм илимпаз, журналист А.Әбдиев қатнасыўшыларды Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы менен қызғын қутлықлап, ғәрезсизлигимиздиң жетискенликлери, өзиниң дөретиўшилик жумыслары ҳаққында мағлыўматлар берди. Оқыўшыларға өзиниң баҳалы мәсләҳәтлерин берип, оларды қызықтырған сораўларға жуўап берди.

Еслетип өтемиз: Жазыўшы ҳәм илимпаз, журналист А.Әбдиев усы ўақытқа шекем «Бизлер бахытлы боламыз» (1992), «Қызыл қошантай» (1995), «Бердақ шығармалары бойынша библиографиялық көрсеткиш» (профессор Ә.Пахратдинов пенен — 1999). «Жин-жыпырлар уясы» (2004), «Алтын балық» (А.Идирейсов пенен — 2006), «Атақлы алым» (2007), «Алғыс алған азамат» (2007), «Беканның автомашиналары» (2008), «Эльза ханым» (2008), «Қызыл көйлекли жәнан» (2008), «Аққус» (2010), «Мақтаншақ қораз» (2010), «Режиссёр ҳәм актёр» (Ө.Қосымбетов пенен — 2012) «Талантлы жаслар» (2015), «Қар бала» (2015),  «Пал балалығым» (2018), «Тахтакөпир тәрийпи» (А.Реймов пенен-2019) ҳәм басқа роман, повесть, гүрриңлер, ертек-әпсаналардан ибарат көркем әдебий ҳәм илимий, көркем публицистикалық китапларын баспадан шығарған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги