Бүгинги күни инсанлардың күнделикли турмысын Мәмлекетлик хызметлер орайларыныӊ хызметисиз көз алдымызға келтириў қыйын. Себеби, бул орайларда халыққа талап жоқары, алдынлары шешилиўи оғада қыйын болған хызметлер көрсетилип келинбекте.

Атап айтқанда, Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен быйылғы жылдыӊ өткен дәўиринде физикалық ҳәм юридикалық шахсларға 432203 хызмет көрсетилди. Сондай-ақ, 7900 исбилерменлик субъекти жаңадан мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Әлбетте, бундай хызметлерди көрсетиўде тараўда әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалар өзиниӊ унамлы нәтийжесин бермекте. Бүгинги күнге келип Мәмлекетлик хызметлер орайларының жаңа 6 имараты пайдаланыўға тапсырылды. Және 5 орайдыӊ қурылыс жумыслары даўам етпекте.

Бул имаратлардың қурылысында олардыӊ бүгинги күнниӊ талапларына сай келиўи, пуқаралардың хызметтен пайдаланыўларында барлық зәрүрли шараятлардың болыўына айрықша итибар қаратылмақта. Себеби, бул жерге келген ҳәр бир пуқара оларға көрсетилген сапалы хызметтен кеўли толған ҳалда кетиўине ерисиў баслы мақсет болып табылады. Сонлықтанда жаӊадан қурылып атырған имаратларда мине усы тәреплерге айрықша итибар қаратылмақта

Мәмлекетлик хызметлер орайларында ҳәзирге келип 140 тан аслам хызмет түри көрсетилип келинбекте. Бундай хызметлерди бир орынның өзинде көрсете алыў ушын жаңа орайларда барлық қолайлықлар жаратылған. Бул жерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы, Бас министр қабыллаўханасы, Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў орайы, Әдиллик бөлими ҳәм басқалар жайласқан.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 18-февральдағы «Жәмийетте социаллық-руўхый орталықты жақсылаў, мәҳәлле институтын буннан былай да қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында, усы жыл 1-апрельден баслап  «ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасын жүргизиў Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги қарамағына өткерилди.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен пуқараларға ҳәм исбилерменлик субъектлерине қолайлық жаратыў ҳәм оларды ҳәр қыйлы әўерегершиликлердиң алдын алыў мақсетинде орайлар арқалы көпшилик хызметлер экстерриториал принцип тийкарында көрсетилип келинбекте. Бунда, мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўшылар жасаў мәнзиллерине қарамастан өзлерине жақын орайға барып мүрәжат етиўи мүмкин.

Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде енгизилип атырған бундай жаңа қолайлықлар пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң конституциялық ҳуқықларының жүзеге шығыўында, олардың электрон мәмлекетлик хызметлерден кең пайдаланыўын қоллап-қуўатлаўда ҳәм мекемелер аралық интеграцияны күшейтиўде айрықша әҳмийетке ийе.

 

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан

Республикасы басқармасының жәмийетшилик

ҳәм ҒХҚ менен байланыслар

бөлими.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги