2020-жылғы туқымлық ушын егилген пахта майданларында апробация өткериў ҳәм сапалы туқымлық қорын жаратыўға бағышланып семинарлар өткерилмекте.

Семинарда пахтаның сортын анықлаў бойынша апробация өткериў ҳәм ҳүжжетлерди рәсмийлестириў тәртиби, пахта сортларын дурыс жайластырыў ҳәм сапалы туқымлық қорын жаратыўда пахта апробациясының мақсети ҳәм ўазыйпалары түсиндирилди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2020-жылдың өними ушын тендер тийкарында таңлап алынған 302 фермер хожалығының 13433 гектар майданында туқымлық пахта жетистирилмекте. Атап айтқанда, 6737,7 гектарға «Султан», 5451,2 гектарға «С-4727», 995,1 гектарға «Ч-5018», 113 гектарға «Равшан», 26 гектарға «С-4728», 6 гектарға «ЎзФА-710», 1 гектарға «Маңғыт-2», 43 гектарға «Маңғыт-1», 1 гектарға «Толқын» сортлары егилген.

– Апробация процесинде туқымлық майданларында күтилген жалпы өним, туқымлық пахта муғдары, сорттың тазалығы, ҳәр қыйлы кеселликлер менен зыянланыў дәрежеси үйрениледи,-дейди «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы аўыл хожалығы егинлери туқымларының жетистирилиўи ҳәм тәмийнатын қадағалаў бөлими бас инспекторы М.Худайбергенов. – Семинарда туқымлық ушын егилген атызларда пахталар вильт (вертициллиоз, фузариоз), гоммоз кеселликлери ҳәм аўыл хожалығы зыянкеслери менен зыянланғаны, аз өнимли, шөллетип қойылған, раўажланыўдан артта қалғаны анықланса усы атызлар тийисли тәртипте ҳүжжетлестирилип, апробация өткериў режесинен шығарылатуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, семинарда туқымлық пахта майданларында апробация өткериўдиң тәртип-қағыйдалары, усы илажларға бекитилген комиссия ағзалары ҳәм туқымлық хожалықларының баслықларының алдына қойылған ўазыйпалары кеңнен түсиндирилди. Пахта егилген майданлардағы апробацияны нызамға муўапық өз мүддетинде сапалы түрде өткериў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги