Өзбекстан ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринде «Telegram» ямаса «WhatsApp» мессенджерлери арқалы алдаўшылар тәрепинен интернет пайдаланыўшыларының қаржыларын өзлестириў жағдайлары бақланған. Бул ҳаққында «Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясы хабар берди.

 

Бунда алдаўшылар «Google», «Apple», «Facebook» сыяқлы абыройлы компаниялардың логотиплеринен пайдаланған ҳалда ҳәр қыйлы топарларда жаңа пайдалы акциялар ҳаққында дағаза жәрияламақта ҳәм усы дағазаға зыянлы силтеме ямаса жүклеп алыў талап етилетуғын файлларды қосып қоймақта.

 

Пайдаланыўшы өзи билмеген ҳалда усы зыянлы файлды жүклеп алыўы ақыбетинде, оның жеке мағлыўматлары, банк картасының номери, есап бети, туўылған сәнеси ҳәм парольлери алдаўшылардың қолына түсип қалыўы мүмкин.

 

Сондай-ақ, мессенджерлердеги өз ара сәўбетлерде таныс болмаған сәўбетлес көбинесе хабарды басқа танысларға да жибериўди, қосымшаны ямаса эмодзиди жаңалаўды усыныс етеди.

 

Экспертлердиң атап өтиўинше, хабарды басқалар менен бөлискен пайдаланыўшы алдаўшыларға билип-билмей шерик болып қалады. Соның менен бирге, усы сыяқлы хабарларда «фишинг» сайтларының мәнзили көрсетиледи ҳәм оларға кирип қалған пайдаланыўшы зыянлы вирусты жүклеп алыўы және бул оның қурылмасындағы жеке мағлыўматлардың, электрон есабындағы қаржылардың урланыўына алып келиўи мүмкин.

 

Бундай унамсыз жағдайлардың алдын алыў мақсетинде мессенджерлерде медиафайлларды автоматластырылған түрде жүклеп алыў функциясын өширип қойыў, бийтаныс аккаунтлардан келген дағазаларға, ҳәр қыйлы жалған хабарларға исенип қалмаў усыныс етиледи.

 

Өзбекстанда да «Telegram» арқалы реал адамның атынан қәлбеки аккаунт ашып, ҳақыйқый профиль ийесиниң танысларынан пул сораў, олардан материаллық жәрдем алыўға ҳәрекет етиў жағдайлары бақланған. «Танысы»нан таң азанда ямаса ярым түнде аўыр жағдайда қалғаны ҳаққында хабар алған пайдаланыўшыларға бийтаныс адамның карта номери жибериледи. Машқала неде екенлигин түсинбеген пайдаланыўшы достына жәрдем беремен деп, алдаўшыларға алданып қалыўы мүмкин.

 

«Ўзкомназорат» мәмлекетлик инспекциясы интернет пайдаланыўшыларынан социаллық тармақларда усы сыяқлы жағдайлар бақланғанында бир шешимге келиўге асықпаў, итибарлы болыў, мессенджерлердеги аккаунтлары арқалы мәлимлеме алмасыўда қәўипсизлик талапларына әмел етиўге шақырады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.