2018-жыл 27-июнь елимиз жасларының турмысында жаңа бет ашылған күн сыпатында тарийхта қалады. Усы сәнеде Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен «Yoshlar – kelajagimiz» мәмлекетлик бағдарламасы тастыйықланды. Бул ҳүжжеттиң әҳмийетли тәрепи сонда, орынларда жаслардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў, оларды исбилерменликке кеңнен тартыў, жас исбилерменлердиң идеялары ҳәм жойбарларын әмелге асырыў, сондай-ақ, усы тийкарда жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге кесент етип атырған системалы машқалаларды сапластырыўға қаратылған. Усы бағдарлама тийкарында коммерциялық банклер арқалы жаслардың басламаларын, стартапларын, идея ҳәм жойбарларын әмелге асырыў ушын жеңиллетилген кредит берилмекте. Бул кредитлер процент ставкасының төменлиги, кепиллик ҳәм басқа мәслелердеги жеңилликлери менен исбилерменлигин басламақшы болған жаслар ушын ҳәр тәреплеме қолай болды.

Шоманай районының ҳәм мәмлекетимиздиң Түркменстан Республикасы менен шегаралас аўылларының биринде жасайтуғын жас исбилермен Бекбосын Арипов усындай имканиятлар ҳәм жеңилликлерден пайдаланып келмекте.

-Аўылымызда ҳеш азық-аўқат дүканы, саўда орынлары жоқ еди, -дейди Б.Арипов. –  «Yoshlar – kelajagimiz» бағдарламасы бойынша маған жер майданы ажыратылып, азық-аўқат дүканын ашыўыма жәрдем берилди. Жақында аўқатланыў шақапшасын ашып, төрт адамды жумысқа алыўды режелестирип отырман.

Усындай алыс аймақлардағы жаслардың умтылыслары қоллап-қуўатланар екен, бул әлбетте, халықтың абаданлығына хызмет етеди.

– Жас исбилермен Б.Арипов жақында ғана өзиниң жумысын жолға қойған еди. Филиалымыз тәрепинен оның бизнес режеси үйренип шығылып, оған аукционсыз жер алып бериўге имкан таптық, -дейди «Yoshlar – kelajagimiz» фондының Шоманай районлық филиалының баслығы Шавкат Бобоев. – Жасларды қоллап-қуўатлаўдағы биринши мақсетимиз оларды жумыс пенен тәмийинлеў болып табылады. Билдирилген исенимди ақлап, жас исбилерменлеримиз тек өзиниң емес, ал, басқалардың да бәнтлигин тәмийинлеп, шаңарақларының дәраматын арттырыўға хызмет етпекте.

Район орайындағы «Шоманай-Шәменай» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Шаҳрибану Юсупбаева да усы фондтың кредит қаржыларынан пайдаланып, жумысын кеңейтип атырған жас исбилерменлерден бири. Бул жерде бир ўақыттың өзинде тигиўшилик цехы, гүл өсириў дөгереги ҳәм гөззаллық салоны хызмет көрсетеди.

– Жәмийетимиздиң бундай аталыўы районымыздың тарийхы менен байланыслы. Халық арасында Шоманай атамасы Шәменай исмли гөззал қыздың атынан келип шыққан деген де әпсаналар бар, -дейди Ш.Юсупбаева. – Район ҳәкимлиги ашылған ўақтымызда бос турған имаратты ажыратып берди. «Yoshlar – kelajagimiz» фондынан 200 миллион сум жеңиллетилген кредит алып жумысымызды басладық. Ҳәзир 13 заманласымызды жумыс пенен тәмийинлегенбиз. Быйыл және 13 жаңа жумыс орнын ашпақшымыз.

«Yoshlar – kelajagimiz» фондының қаржылары есабынан жумыс баслаған жас исбилерменлерден және бири Нурзада Айжанова бүгинги күнде 3 адамды жумыс пенен тәмийинлеп қойыпты. Оның цехынде қурылыс материаллары ислеп шығарылады.

– «Yoshlar – kelajagimiz» фондынан 380 миллион сум кредит алдым. Оның 50 миллион сумына станоклар сатып алдық. Жақында тағы да буйыртпа берген станокларымыз келсе, қосымша 5 адамға жумыс орынлары жаратылады, -дейди Н.Айжанова. – Карантин ўақтында да жумыс тоқтап қалғаны жоқ. Буйыртпашылардың саны да күннен-күнге артпақта.

Бүгингидей қурамалы ҳәм сынақлы күнлерде район бойынша мыңнан аслам жаслардың бәнтлиги тәмийинленгени, әлбетте, итибарға ылайық. Әҳмийетлиси, бундай ҳәрекетлер даўам ете береди.

-Ҳақыйқатында да, бүгинги пандемия шараятында жумыс табыў қыйын машқала болып қалмақта, -дейди Шоманай районы ҳәкиминиң орынбасары Әмирхан Қайыпназаров. – Қаншадан-қанша мәкеме ҳәм кәрханалар жумысын тоқтатты. Бирақ, биз районымыздағы ҳәр бир жас ушын жуўапкер екенлигимизди сезинип, жаратылып атырған жеңилликлерден пайдаланған ҳалда жаслардың исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаўды даўам еттиремиз.

Бүгинги күнде елимизде жумыссызлықтан қыйналып атырған жаслар көплеп ушырайды. Пандемия шараятында сырт еллерде ислеп жүрген жасларымыз өз елине қайтып келип, аўылларында жумыс табыўға ҳәрекет етпекте. Усындай жасларды ҳүкиметимиз бүгин итибардан шетте қалдырып атырғаны жоқ. Мәмлекетлик уйымлар усы машқалаларға шешим табыўдың мыңлаған илажлары үстинде изленбекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы