Инсан дүньяға келер екен, камалға жетип, өзинен жақсы ат, өшпес из қалдырыўға ҳәрекет етеди. Себеби ҳәр кимниң ел-журты ушын ислеген хызметлери, ийгиликли мийнети, қайырлы ислери өзине сондай уллылық бағышлайды, арадан жыллар, ҳәттеки әсирлер өтсе де, оның исми тиллерде дәстан, өмир ҳәм мийнет жолы келешек әўладқа өрнек болып қала береди. Сонлықтан да, инсан өлсе де, оның аты өшпейди, жүрегимизде мәңги сақланып қалады.

Орынбай Төрениязов та мине усындай танымалы тулға, айтыў керек болса, уллы талант ийеси еди. Болажақ архитектор 1943-жылы Шымбай районының Кепе аўылында дүньяға келди.

Дәслепки мийнет жолын 1959-жылы Шымбай машина экскаватор станциясында темир усташылығынан баслады. 1966-жылы Ташкент политехника институтының архитектура  факультетине оқыўға кирип, оны 1971-жылы табыслы тамамлады.  Кейин ала жойбарлаў институтының Нөкис филиалында бас архитектор, 1981-1984-жыллары Нөкис қаласының бас архитекторы, 1984-1986-жыллары «Узмежколхозпроект» жойбарлаў институтының Нөкис филиалында бас архитектор,  1986-1993-жылларда «Қарақалпақ пуқара жойбар» жойбарлаў институтында бас архитектор лаўазымларында иследи. 1993-жылы «Архторус» жойбарлаў кәрханасын шөлкемлестирип, өмириниң ақырына шекем оған басшылық етти.

photo_2020-08-25_18-37-10.jpg

2003-жылдан Өзбекстан архитекторлар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы болып иследи.

Елиў жылдан аслам хызмети даўамында Орынбай Төрениязовтың тиккелей авторлығында тек Нөкис қаласында емес, бәлким пүткил Қарақалпақстан Республикасында ири объектлер, заманагөй имаратлар, комплекслер бой тикледи. Ол ҳәр бир объектти жойбарлаўда әлбетте оған қарақалпақ миллий колоритин сиңдириўге ҳәрекет етти. Республикамыздағы заманагөй ҳәм миллий архитектуралық шешимге ийе объектлердиң ҳәр бири бул иснанның тарийхты жақсы билетуғынынан, мийнет сүйгишлигинен, тынымсыз изленислеринен ҳәм пүткил ақыл-ойынан сөйлеп атырғандай. Себеби оның жойбары тийкарында қурылған қайсы бир имаратты көрсеңиз де, онда қарақалпақ тарийхы қайта жанланғандай болады.

photo_2020-08-25_18-37-14.jpg

Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы Бердақ миллий музейи, Қарақалпақстан тарийхы ҳәм мәденияты музейи, Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрының имараты, Нөкис жазғы ашық театры, Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы, Қарақалпақстан медицина институты, Имам ийшан Мухаммед мешити имараты, Нөкис қаласы орайындағы заманагөй көп қабатлы турақ жайлар, улыўма билим бериў мектеплери, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери…

photo_2020-08-25_18-37-02.jpg

Бул дизимди еле узақ даўам еттириў мүмкин. Орынбай Төрениязовтың жойбарлары тек өзимизде емес, бәлким Қазақстан Республикасының Жамбыл ўәлаятындағы орайлық жомъе мешити, Түркменстанның көплеген мешитлериниң қурылыслары әне усы кисиниң авторлығында әмелге асырылды.

Ҳақыйқатында да, ол қарақалпақ архитектурасының тийкарын салыўшы еди. Тиккелей оның басламасы менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде архитектура қәнигелиги шөлкемлестирилди. Өмириниң ақырына шекем усы ел, журт ушын аянбай мийнет етти.

Бүгинги Қарақалпақстанның көркем ҳәм гөззал  заманагөй көринисин тәмийинлеўде бул инсанның пидайы мийнетлери бар. Оның мезгилсиз арамыздан кетиўи архитектура ҳәм қурылыс тараўы ушын үлкен жоғалтыў болды. Инсан өлмейди, оның аты мәңги. Орынбай ағаның халқымыз ушын еткен хызметлери ҳеш қашан умытылмайды. Ол қалдырған қарақалпақ архитектура мектеби шәкиртлери ҳәм перзентлери тәрепинен мүнәсип даўам еттириледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги