Нөкис районы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы шарўашылыққа қәнигелестирилген «Қоңыратбай Меҳри» фермер хожалығы халқымызды сапалы гөш ҳәм сүт өнимлери менен тәмийинлеўде жоқары нәтийжелерге ерисип келмекте.

-2004-жылы жумысымызды 150 бас қарамал менен баслаған болсақ, бүгинги күни олардың саны 473 басқа жетти,-дейди фермер хожалығының баслығы Есенбай Айтмуратов.-Соннан 80 басы Украина ҳәм Германиядан алып келинген нәсилли маллар есапланады. Жәми 705  гектар егислик майданының 525 гектарына мәкке, жүўери, жоңышқа  ҳәм басқа да от-шөплик егинлер егилген. Ҳәзир 75 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Фермер хожалығының жанында сүтти қайта ислейуғын цех ислеп тур. Италия мәмлекетинен алып келинген заманагөй үскенелер орнатылған цехта күнине 3 тонна сүт қайта исленеди. Басқа фермер хожалықларынжда жетистирилген сүт өнимлери усы жерде қайта исленеди. Бүгинги күни жети түрдеги өнимлер ислеп шығарылмақта.

Фермердиң келешектеги режелери көп. Хожалықтың жумысын еле де кеңейтиў мақсетинде усы жылы Дания мәмлекетинен 200 бас нәсилли қарамал ҳәм 14,2 миллиард сумға сүтти қайта ислейтуғын үскенелер алып келиўди режелестирмекте.  Бул халықты арзан ҳәм сапалы шарўашылық өнимлери менен тәмийинлеўге, жаңа жумыс орынларын жаратыўға, экономикамыздың ажыралмас бөлеги болған тараўды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги