Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, министрлик тәрепинен 4 сектор басшылары менен биргеликте исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, оларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша бир қатар ўазыйпа ҳәм илажлар белгилеп алынып, орынларда  тийисли жумыслар әмелге асырылмақта.

Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде усы жылдың январь-август айлары даўамында жаңадан 2204 киши бизнес субъектлери шөлкемлестирилип, олардың саны 16 мыңнан асты.

Атап айтқанда, «Өнерментшиликти раўажландырыў» бағдарламасы тийкарында 17 миллиард сумлық, «Ҳәр бир шаңарақ исбилермен» бағдарламасы тийкарында 185,4 миллиард сумлық кредитлер ажыратылды.

– Қарақалпақстан Республикасы бойынша усы жылдың 1-январь жағдайына 24721 исбилерменлик субъектлери, соннан 14750 юридикалық тәреплер дизимге алынған еди,-дейди министрликтиң кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бөлими баслығының орынбасары Н.Байжанов. –  Коронавирус пандемиясының унамсыз ақыбетлери себепли 1968 кәрхана өз жумысын тоқтатып қойды (1-апрель жағдайы).

Исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде карантин қағыйдалары сақланған ҳалда 1940 кәрхананың жумысы қайта тикленди. Соннан, 798и саўда орайлары, 134и тасыў ҳәм сақлаў хызметлерин көрсететуғын кәрханалар, 95и қурылыс кәрханасы, 44и санаат кәрханасы, 54и денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызмет көрсететуғын кәрханалар болып есапланады. Сондай-ақ, басқа тараўлардағы 815 кәрхананың да жумысы қайта тикленди. Бүгинги күнде қалған 28 кәрхананың жумысын тиклеў бойынша әмелге асырылатуғын тийисли жумыслар көрип шығылмақта.

Хожалық жүргизиўши субъектлердиң ўақытша жумысын тоқтатыўы өз гезегинде республикамыз бойынша 7973 жумысшының өз жумысын ўақтынша тоқтатып турыўына алып келди. Бүгинги күнде кәрханалар жумысының қайта тиклениўи 7927 жумысшының өз жумыс орнына қайтыўына мүмкиншилик жаратты.

Киши бизнес кәрханаларына 7 ай даўамында 880 миллиард сум кредит қаржылары ажыратылды Сондай-ақ, 876 исбилерменлик субъектлериниң жумысын қайта тиклеў мақсетинде банклер тәрепинен 123 миллиард сумнан аслам айланыс қаржылары ушын кредитлер ажыратылды.

Коронавирус пандемиясының экономика тармақларының жумысларына ҳәм халықтың турмыслық шараятына унамсыз тәсирин жумсартыў мақсетиндеги илажлар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги