Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, министрлик тәрепинен 4 сектор басшылары менен биргеликте үйренип шығылғанында республикамыздағы жәми 413 пуқаралар жыйынында 1 млн 903 мыңнан аслам халық жасап атырғанлығы, соннан 17 мың 114 шаңарақтың (ағзалары менен 80 мың 117 адам) жәрдемге мүтәж екенлиги анықланған.

Усы жыл 16-июнь күнги Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланған «Коронавирус пандемиясы ўақтында социаллық аўҳалы ҳәм турмыс шараяты аўырласқан шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў арқалы оларға дәрамат дәрегин жаратыўдың ўақтынша тәртиби» тийкарында бул шаңарақлардағы 27 мың 703 мийнетке жарамлы жумыссыз пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

– Бүгинги күнге шекем республикамыздағы 4 сектор тәрепинен экономикалық, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс комплекслериниң басшыларына ўазыйпалар белгилеп берилип, жергиликли ҳәкимликлер менен биргеликте 18 мың 638 пуқара жумыс пенен тәмийинленди,-дейди министрликтиң кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бөлими баслығының орынбасары Н.Байжанов. – Сондай-ақ, халықты кәмбағаллықтан шығарыў бойынша бир қатар бағдарламалар белгилеп алынып, экономика комплексинде 13 мың 784 пуқара жумыс пенен тәмийинленди. Соннан, 1025 пуқара шаңарақлық исбилерменлик, 137 пуқара өнерментшилик пенен шуғыллана баслады, ал 9632 пуқара жәмийетлик жумысларға тартылды. 2990 пуқара өзин-өзи бәнт етиў жумыслары менен тәмийинленди.

Сондай-ақ, инвестиция комплексинде 719, аўыл хожалығы комплексинде 2784 пуқара жумыс пенен тәмийинленди. Соннан, 985 пуқара агросанаат жойбарларына жумысқа орналастырылған болса, 1799 пуқара қайта егиў жумысларына тартылған. Ал, қурылыс комплексинде 1180 пуқара жумыс пенен тәмийнленди. Соның менен бирге, 987 пуқара турақ жайлардың қурылыс жумысларына жумысқа орналастырылды. Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Бунда тийкарғы итибар, жасаў шараяты аўыр, мәмлекет тәрепинен әмелий жәрдем күтип отырған (имканияты жоқ, бағыўшысын жоғалтқан ҳ.т.б.) 1271 шаңарақта жасап атырған 4886 пуқараға қаратылды. Оларды қоллап-қуўатлаў бойынша анық реже ислеп шығылып, оларға 5 миллиард сум қаржы ажыратыў белгилеп алынды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 29-июль  күнги «Пандемия ўақтында социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаў ҳаққында»ғы бийлигине тийкарланып, республикамыздағы 13590 шаңараққа (шаңарақ ағзаларының саны 59886) 10 миллиард сум муғдарындағы қаржылар толық жеткерип берилди.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 30 июльдеги «Коронавирус пандемиясы ўақтында социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, 14596 жәрдемге мүтәж шаңарақлардың ҳәр бир ағзасына бир мәртелик 220 мың сумнан қаржылар төлеп берилди.

«Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетине қәўендерлер есабынан 6,9 миллиард сум муғдарындағы материаллық ҳәм қаржылай жәрдемлер көрсетилди. Соннан жәрдемге мүтәж болған 27118 шаңараққа 4,4 миллиард сумнан аслам болған материаллық ҳәм қаржылай жәрдемлер берилди. Атап айтқанда, 21829 шаңараққа 2,6 миллиард сумлық азық-аўқатлық өнимлер, 1118 шаңараққа 92,4 миллион сумлық дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық қураллар, 993 шаңараққа 357 миллион сумлық басқа түрдеги өнимлер берилди. 3178 шаңараққа 1 млрд. 410 млн. сумлық нақ пул көринисиндеги материаллық жәрдем көрсетилди.

Ҳәзирги ўақытта «Сақаўат ҳәм жәрдем» фондында 2 млрд. 476 млн. сум муғдарында қаржы бар. Бул қаржылар халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслериниң қарарлары тийкарында жәрдемге мүтәж шаңарақларға материаллық жәрдем сыпатында бериледи.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги