Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасының мағлыўматларына қарағанда, республикамыздағы турақлы халық саны 2020-жыл 1-июль жағдайына 1909,9 мың адамды қурап, 2020-жыл басынан 11,6 мың адамға, яғный 0,6 процентке көбейген. Соннан, қала халқының саны 936,1 мың, (жәми халық санындағы үлеси 49,0 процент), аўыллық жердеги халық саны 973,8 мың  адамды (51,0 процент) қурады.

Туўылыў дәрежеси. 2020-жылдың январь-июнь айларында туўылғанлар саны 17215 адамды қурады ҳәм 2019-жылдың усы дәўирине (17832 адам) салыстырғанда 617 адамға, яғный 3,5 процентке азайды. Туўылыў коэффициенти тийисли түрде 18,2 промиллени қурады ҳәм 2019-жылдың усы дәўирине (19,2 промилле) салыстырғанда 1,0 промиллеге азайды.

Туўылыў дәрежесиниң азайыўы республикамыздың дерлик барлық аймақларында бар. Бул көрсеткиштиң жоқары дәрежеси Нөкис (21,1 ден 17,5 промиллеге),Тақыятас (18,8 ден 15,3 промиллеге),Төрткүл (20,2 ден 17,4 промиллеге) ҳәм Беруний  (22,2 ден 19,6 промиллеге) районларында бақланды.

Өлим дәрежеси. 2020-жылдың январь-июнь айларында қайтыс болғанлар саны 3952 адамды қурады ҳәм 2019-жылдың усы дәўирине (3916 адам) салыстырғанда 36 адамға (0,9 процентке) көбейди. Тийисли түрде өлим коэффициенти 4,2 промиллени қурады (2019-жыл январь-июньда – 4,2 промилле).

Неке дүзиў ҳәм некеден ажырасыўлар. 2020-жыл январь-июньда ПҲАЖ уйымларында 4902 неке ҳәм 513 ажырасыўлар дизимге алынды. Мың адам санына салыстырғанда 5,2 неке (2019-жылдың тийисли дәўиринде-7,6) ҳәм
0,5 ажырасыў (2019-жылдың тийисли дәўиринде – 0,7) туўра келди.

Миграция. Дәслепки мағлыўматлар бойынша, 2020-жылдың январь-июнь айларында республика бойынша көшип келгенлер саны 3437 адамды, усы дәўирде көшип кеткенлер саны болса 5107 адамды қурады. Миграция қалдығы минус 1670 адамға (2019-жылдың усы дәўиринде – минус 1653 адам) тең болды. Ең көп минус қалдықлар Әмиўдәрья (минус 358), Шымбай (минус 245) ҳәм Кегейли (минус 187) районларында бақланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги