Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасында карантин тәртип-қағыйдаларына әмел етилген ҳалда исбилерменлик субъектлерине салық нызамшылығындағы соңғы өзгерислерди жеткериў ҳәм олар тәрепинен тапсырылыўы тийис болған есабатлардың қалай дурыс толтырылыўы бойынша кеңнен түсиник бериў мақсетинде оқыў-семинар  өткерилди. Семинар тиккелей ҳәм онлайн түрде “Zoom” программасы арқалы алып барылды.

Семинарда басқарма қәнигелери Фермерлер кеңеси жанындағы бухгалтерия орайының бухгалтерлерине Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жылдың 14-август күнги «Қосымша қун салығы ҳәм сырт ел юридикалық тәреплери менен байланыслы салық ҳәкимшилигин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында кеңнен түсиник берди.

Сондай-ақ, ҚҚС бойынша салық есабатларын толтырыў ҳәм тапсырыў, электрон есап-фактураларды дурыс толтырыў тәртиплери ҳаққында есапшы қәнигелерге көргизбели қураллар жәрдеминде басқышпа-басқыш түсиндирилди.

– Қарар менен  Қосымша қун салығы суммасының орнын қаплаў ҳаққындағы режеге муўапық, ҚҚСның реализация етилген товарлар (хызметлер) менен сатып алынған товарлар (хызметлер) арасында пайда болған қалдық суммасының орнын қаплаў (қайтарыў) тәртиби белгиленген. Сондай-ақ, басқа салықлар бойынша қарыздарлық суммасына өткериў тәртибин белгилейди,-дейди басқарманың жәмийетшилик пенен байланыс ҳәм ҳуқықый мәлимлеме секторының баслығы М.Мершиева.

Сондай-ақ, реже салық төлеўши тәрепинен артықша төленген ямаса өндирилген артықша салық суммасын қайтарыўға ҳәм сырт ел пуқараларына салық суммасы орнын қаплаўға (ТАХ FREE) қолланылмайды.

Семинарда салық төлеўши тәрепинен артықша ҚҚС қайтарыў тәртибин әмелге асырыў ушын олардың салық уйымларына арза ҳәм оның қосымшалары менен мүрәжат етиўи кереклиги атап өтилди.

Салық төлеўшилер тәрепинен жолланған арза мәмлекетлик салық уйымларында улыўма тәртипте 60 күн ишинде, тезлетилген тәртипте арза келип түскеннен кейин 7 күн ишинде қайтарып берилиўи белгиленген.

Илаж даўамында исбилерменлик субъектлери, сондай-ақ, “Zoom” программасы арқалы қатнасқан есапшылар тараў қәнигелеринен өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги