Елимизде коронавирус пандемиясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде енгизилген карантин шараятында айырым билимлендириў мәкемелеринде, сол қатары, жоқары оқыў орынларында тәлимниң ўақтынша МКТлар тийкарында аралықтан алып барылыўы режелестирилмекте.

Усы жылдың 8-август күни Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы баслығының қатнасыўында баспасөз әнжуманы болып өткен еди.

Онда студент-жаслардың денсаўлығын сақлаў мақсетинде жаңа оқыў жылынан жоқары билимлендириў аралық усылында басланатуғыны, сапаны тәмийинлеў ушын жуўмақланған оқыў жылында ушырасқан машқалалар ҳәм жол қойылған кемшиликлер үйренилип шығылып, шешимин табыў бойынша барлық илажлар көрилип атырғаны атап өтилген еди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Оқыў ислери бойынша проректоры Олимжон Дүйсенбаев пенен сәўбетимиз усы ҳаққында болды.

– Жоқары билимлендириў системасында, атап айтқанда, күндизги билимлендириўде аралықтан оқытыў бағдарында тәжирийбе енди қәлиплесип атыр. Усы тәрептен алып қарағанда университетте бул машқаланың шешими қандай болмақта?

– Ең алды менен соны атап өтиў керек, Өзбекстанда жоқары билимлендириў системасында онлайн ҳәм аралықтан оқытыў арнаўлы сыртқы тәлимде, қайта таярлаў ҳәм тәжирийбе арттырыў курсларында қолланылып атырғанына еле көп ўақыт болғаны жоқ. Усыларды есапқа алғанда, атап өткениңиздей, бизде бул бағдарда үлкен тәжирийбе топланған, деп айтыў қыйын. Соған қарамастан, республикамыздың жоқары оқыў орынлары, сол қатары, ҚМУ бүгингидей қурамалы шараятта өзиниң жумысын даўам еттириў ушын барлық техникалық имканиятларды иске салмақта.

Университетимизде студентлер ушын аралықтан оқытыўды шөлкемлестириў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң ҳәм университет ректорының буйрықлары тийкарында 2020-2021-оқыў жылына таярлық өз ўақтында ҳәм шөлкемлескенлик пенен баслап жиберилди. Усы ҳүжжетлердиң орынланыўы бойынша бүгинги күнде факультетлердиң деканлары ҳәм кафедра баслықларының оқыў жылына таярлық ҳүжжетлери оқыў методикалық басқармаға тапсырылды.

Жаңа оқыў жылы ушын тийкарынан университетимиздеги 58 бакалавр тәлим бағдарларының тек 2-3-4-курсларының үлгидеги оқыў режелери тийкарында жумысшы оқыў режелери, ал, үлгидеги пән бағдарламалары тийкарында жумысшы пән бағдарламалары ислеп шығылып, тастыйықланды ҳәм университеттиң электрон оқыў платформасы – «ekarsu.uz»ға жайластырылды.

Университеттиң илимий педагогикалық топары карантин ўақтында аралықтан оқытыў бойынша сырт мәмлекетлерде топланған алдыңғы тәжирийбени үйрениў, оны пайдаланыў, билимлендириў процесин кредит системасы тийкарында жолға қойыў, оқыў режелери ҳәм пән бағдарламаларын жетилистириў бойынша көплеген усынысларды билдирмекте. Соның менен бирге, олар инновациялық мәлимлеме технологияларына тийкарланған илимий-педагогикалық изертлеўлер алып бармақта. Усының нәтийжесинде профессор-оқытыўшыларымыз тәрепинен қысқа ўақытта бакалавр тәлим бағдарларының 2-3-4-курслары ушын 920 ҳәм магистратура қәнигеликлери ушын 100 ден аслам пәнлер бойынша лекция, әмелий, лаборатория жумыслары, әдебиятлар дизими, видеосабақлар, презентациялар жаратылды. Ҳәзирше тек биринши семестрде өтилетуғын сабақлар ушын видеосабақлар жаратылған болып, олар  «ekarsu.uz»ға жайластырылды.

– Президентимиздиң 2019-жыл 8-октябрьдеги пәрманы менен тастыйықланған «Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясы»на бола, мәмлекеттеги ЖООның 85 проценти 2030-жылға шекем басқышпа-басқыш кредит-модуль системасына өтиўи режелестирилген. Мысалы, 2020-2021-оқыў жылында олардың 33и усы системаға өтиўи күтилмекте. Жаңа оқыў жылынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң 1-курслары ушын кредит-модуль оқытыў системасы енгизилип атырғанынан хабарымыз бар. Бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берсеңиз.

– Университетимизде кредит системасына өтиў бойынша таярлық жумыслары әллеқашан-ақ баслап жиберилди. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң  2020-жыл 30-июньдеги «2020-2021-оқыў жылынан баслап оқыў процесин модуль-кредит системасына өткериў ҳаққында»ғы буйрығы тийкарында университетте жәми 14 профессор-оқытыўшыдан ибарат жумысшы топар дүзилди. Олар усы жыл август айының биринши он күнлигинде унивесритетимиздиң бакалавр тәлим бағдары ҳәм магистратура қәнигеликлериниң 1-курслары ушын мәмлекетлик тәлим стандартлары, қәнигелик талаплары, оқыў режелери менен пән бағдарламаларын ислеп шығып, министрлик жанындағы раўажландырыў орайына тастыйықлатыў ушын жиберди.

Өткен дәўир ишинде кредит-модуль системасында сабақ өтетуғын бир неше профессор-оқытыўшылар ҳәм қәнигелеримиз бул бағдардағы тәжирийбени үйрениў ҳәм 1-курслардың нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерин ислеп шығыўда бирге ислесиў ушын Өзбекстан көлеминдеги таяныш жоқары оқыў орынлары менен турақлы түрде байланыста болып келмекте. Олар ушын Moodle платформасына мағлыўматларды жайластырыў, интернет тәлим ресурслары, Google classroom сыяқлы бағдарламалардан нәтийжели пайдаланыў, вебинарларды шөлкемлестириў мәселелерине бағышланған семинар-тренинглер өткерилмекте.

Бүгинги күнде жаңа оқыў жылынан баслап усы системаға өтиўге байланыслы барлық 1-курслардың нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери таярланып, аралықтан оқытыў платформасына бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша үлгидеги оқыў режелери тийкарында жумысшы оқыў режелери, үлгили пән бағдарламалары тийкарында жумысшы пән бағдарламалары, сондай-ақ, оқытылатуғын пәнлер бойынша видеосабақлар, перезентациялар усы жылдың 1-сентябрине шекем жайластырылыўы нәзерде тутылған.

Улыўмаластырып айтқанда, бизиң университетимиз басқа жоқары оқыў орынлары қатарында пандемия шараятында карантин талапларынан келип шыққан ҳалда билимлендириўди онлайн түрде әмелге асырыўға мәжбүр болмақта. Бирақ, бул илажлардың барлығы билимлендириўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға, профессор-оқытыўшыларымыздың, қәнигелеримиз ҳәм студентлердиң мәлимлеме коммуникация қуралларынан пайдаланыў мәдениятын және де артырыўға хызмет етеди. Раўажланған мәмлекетлердиң көпшилик ЖОО коронавирус пандемиясы дәўиринен бурын да билимлендириўдиң онлайн түрин қолланыўды жәҳән стандартларына сай билимлендириў усылы сыпатында енгизиўге үлгерген.

 

Сәўбетлескен, М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы