Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминде Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы мүнәсибети менен «Сен – қүдирет дәреги, бахыт мәканы, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында  онлайн илаж болып өтти. Илажға белгили жазыўшы-шайырлардан, илимпазлардан, мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлеринен ибарат болған үгит-нәсиятлаў топары қатнасты.

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, «Мәрипат» үгит-нәсиятшылар жәмийети, Мәденият министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы тәрепинен усы сүрен астында әмелге асырыла баслаған онлайн үгит-нәсиятлаў жойбары шеңберинде республикамыздың барлық орынларында мәдений-ағартыўшылық илажлар карантин қағыйдаларына бойсынған ҳалда онлайн байланыс түринде өткерилмекте.

Быйылғы уллы байрам, тилекке қарсы коронавирусқа қарсы гүрес кетип атырған қурамалы бир ўақытқа туўры келмекте. Соған қарамастан,  Ўатанымыз тарийхында пүткиллей жаңа бетти ашқан мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығын мүнәсип күтип алыў, ўатанласларымыздың кейпиятын көтериў, оларды жаңа табысларға руўҳландырыў мақсетинде өткерилген илажда шығып сөйлегенлер соңғы жылларда барлық тараўларда кең көлемли жаңаланыўлар менен өзгерислер әмелге асырылып, мисли көрилмеген дәрежеде жетискенликлерге ерисилгени, әсиресе, қурылыс, билимлендириў, медицина, санаат ҳәм басқа да тараўлардағы жетискенликлер ҳаққында сөз етти.

Мойнақ районындағы өзгерислер, Бозатаў районының қайта тиклениўи, Президент мектебиниң ашылыўына уқсаған көп ғана раўажланыўлардың барлығы халықтың жақсы турмыс кешириўи, жаслардың билим алыўы ушын көрсетилип атырған айрықша итибар екенлигин мақтаныш пенен атап өтти. Пандемия дәўиринде де бундай жаңаланыўлар даўам етип, әсиресе, халықтың денсаўлығын беккемлеўде аянбай мийнет етип атырған медицина хызметкерлерине мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилип атырған әмелий жәрдемлер, кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша илажлар абадан турмысты тәмийнлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли.

– Ғәрезсизлигимиздиң 29 жыллық байрамында халқымыздың кейпиятын көтериў мақсетинде дөретиўши инсанлар, көркем өнер ғайраткерлери менен биргеликте шөлкемлестирилген бүгинги илажда қатнасқанымнан қуўанышлыман, -дейди Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Мақсет Өтемуратов. – Пүткил халқымызды елимизге кирип киятырған ең уллы, ең әзиз байрам менен қутлықлайман. Халқымыздың бүгинги сынақлы күнлерде кейпияты ҳеш түспесин. Жақын күнлерде халқымыз бенен онлайн түрде емес, дийдарласып байрамларда көрисиў несип етсин.

Онлайн илажда Ташкент қаласы ҳәм Бухара ўәлаятында турып, бизиң жерлеслеримиз бенен сәўбетте болған үгит-нәсиятлаў топары ағзалары аўызбиршилик ҳәм татыўлықты тәмийинлеўде, жас әўладты ўатансүйиўшилик руўҳында тәрбиялаўда усындай ийгиликли илажлардың тутқан орны айрықша екенлигин билдирди. Көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылған Ўатанды жырлаўшы қосықлар  илаждың және де заўықлы өтиўине тийкар жаратты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги