Ҳүкимет қарары (499-санлы, 21.08.2020-ж.) менен Жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриатқа студентлерди оқыўға қабыл етиў тәртиби ҳаққындағы режеге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Қарар менен Көркем өнер академиясының сүўретлеў өнери бойынша республикалық таңлаўының жеңимпазлары ЖБМне таңлаўдан тысқары кириў имтиханларысыз мәмлекетлик грантлар тийкарында қабыл етилетуғыны бийкар етилди.

Режеге киргизилген қосымшаларға бола:

– Көркем өнер академиясының сүўретлеў өнери ҳәм әмелий көркем өнер және дизайн бағдарлары бойынша республикалық таңлаўы және усы бағдарлардағы халықаралық таңлаўлардың жеңимпазларына Мәмлекетлик комиссияның қарары менен тийисли ЖБМлердиң дөретиўшилик имтиханларында тараў бойынша ең жоқары балл белгиленген пәннен максимал балл алыў жеңиллиги бериледи;

– егер дөретиўшилик имтиханларда ең жоқары балл бир неше пәнлерден белгиленген болса, абитуриентке жеңиллетилген максимал балл алыў ушын  пәнлерден бирин сайлаў ҳуқықы бериледи;

– егер айырым билимлендириў бағдарларында 1 пәннен дөретиўшилик имтихан өткериў белгиленген болса, абитуриентке усы пән бойынша максимал балл бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги