Бул ҳаққында «Дәри-дармақ АК» телеграмм каналында мәлим етилди.

-Смартфон экранына бир тамшы антисептикалық гел қуйылып, жумсақ материал менен тазаланды. Сол тәризде экрандағы кишкене тырналыўлар, кирлер, бармақ излеринен қутылыў мүмкин. Изертлеўлерге қарағанда, телефон экранында 10-50 миллионға шекем бактериялар жасайды ҳәм олар арқалы ҳәр қыйлы кеселликлер келип шығыўы мүмкин.

– Оптикалық әсбаплар, медициналық  ямаса қуяштан қорғаўшы көзәйнеклерди антисептикалық қурал менен тазалаған мақул. Қурал олардың бетинен космитикалық дақлар, шаш лагиниң тамшыларын кетиреди.

– Турақ жай оңланғанна соң тери бети және мебеллердеги бояў реңин антисептикалық өним жәрдеминде тазалаў мүмкин.

-Ең әжайыбы, антисептикалық суйықлық ҳәм геллер шыбын шаққаннан соң қышыўдың алдын алыўда нәтийжели қурал.

-Кийим ҳәм басқа материаллардан майлы дақларды кетириў ушын антисептикалық қурал ең жақсы усыл.

-Стол үстиндеги май дақлары және бармақ излери де антисептикалық қурал менен тазаланса, олар және де жылтырайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги