Студент-жасларының оқыўдан бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, қәбилетли жаслардың өз имканиятларын жарыққа шығарыў ушын шараятлар жаратыў мақсетинде «Өзбекстан Қуўнақлар ҳәм зийреклер ассоциациясы» тәрепинен «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының быйылғы жылғы мәўсимин өткериў режелестирилген. Жоқары оқыў орынлары студент-жаслары арасында өткерилетуғын таңлаўда қатнасыўшы командалар өз буйыртпаларын усы жылдың 10-сентябрь сәнесине дейин ассоциацияға усыныўы белгиленген.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жолқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң усы жыл 21-август сәнесиндеги №87-06-656 санлы хатында мәлим етилген.

Усы орында айтып өтиўимиз тийис, «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы (КВН) ХХ әсирдиң 60-жыллары телевидениеде пайда болған ҳәм қысқа ўақыт ишинде оқыў орынлары ҳәм мәденият сарайларында шөлкемлестириле баслаған. Бул таңлаў ҳәзирги ўақытта да студент-жаслардың сүйикли таңлаўы болып, ол мектеп, лицей ҳәм колледж оқыўшылары арасында да кең тарқалған.

«Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўы студент-жаслардың руўхый жақтан жетик, бәркамал, билимли, жетик қәниге болып жетилисиўлери ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў сыяқлы ислерди әмелге асырады. Сондай-ақ, таңлаўда қатнасатуғын командалардың мақсет ҳәм ўазыйпалары оқыў орынлары жасларының қызығыўшылығын муўапықластырған ҳалда қызықлы бағдарламалар таярлаў ҳәм кең жәмийетшиликке усыныўдан ибарат. Жаслар машқалаларын юмор ҳәм сатиралық жанрлар арқалы көрсетип бериў, жаслардың түрли темалар жүзесинен тез пикир жүритиўге бағдарлаў, соның менен бирге, жаслардың кеўилли дем алыўлары ушын қызықлы бағдарламалар менен шығыўлар шөлкемлестирип, олардың бул тараўдағы қәбилетлерин арттырыў болып табылады.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги