Жаслар бүгин заман менен тең адым атып, жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланбақта.Әсиресе, бүгинги қурамалы жағдайда халықтың бәнтлигин, атап айтқанда, жасларды жумыс пенен тәмийинлеўде барлық аймақларда әмелге асырылып атырған «Ҳәр бир жасқа – бир гектар», «Жаслар кооперациясы», «Жаслар бағы» сыяқлы жойбарлардың әҳмийети үлкен болды.

Хабарыңыз бар, «Мойнақ келешек қурыўшылары» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қайырлы баслама тийкарында дийқаншылықтың арқасында өзиниң, шаңарағының дәраматын арттырыў мақсетинде жасларға жер майданлары ажыратылды.

Бундай қайырлы басламалар республикамыздың барлық аймақлары қатары Беруний районында да қолға алынып, жаслардың өз имканиятларын әмелге асырыўына шараят жаратылды.

Район халқының 45 мыңнан асламын 18-30 жас аралығындағы жаслар қурайды. Район аймағынан 500 гектар жер ажыратылыўы нәтийжесинде 51 жастың бәнтлиги тәмийинленди. Жәмийетке 9 аўыл пуқаралар жыйынынан белгиленген муғдарда жер ажыратылып, бүгинги күнде қаўын, ғарбыз, жүўери, салы, гүнжи егилген болып, зүрәәт писип жетилмекте.

Бүгинги жаратылып атырған кең имканиятлар нәтийжесинде аўыл хожалығында мийнет етип атырған жаслардың саны артып бармақта. Олардың талапшаңлығы, мийнеткешлиги халқымыз дәстурханының мол болыўына хызмет етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги