Сымсыз наушниклерде Bluetooth электромагнит толқынларын мийге жүдә жақын тарқатады, бул болса қәўипли, деп жазбақта «Mk.ru».

Плеханов атындағы РИУ информатика кафедрасының доценти Александр Тимофеев бул нурланыўды микротолқынларға теңлестирди. Инсан саламатлығына бул тек ғана зыян келтиреди.

«Нерв системасының белсендилиги де электромагнит токларына ийе, тәбияттағы магнит тербелислеринен қыйналыўшылар саны болса күн сайын өсип атыр», -деди қәниге.

Ол әсиресе «оригинал наушниклер»диң қәлбекилеринен абайлы болыўға  шақырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.