Коронавирус пандемиясы менен байланыслы аўыр шараятта социаллық жәрдемге мүтәж болып қалған шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем пуллары тарқатылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Коронавирус  пандемиясы ўақтында социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халықтың қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы бойынша материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың дизимине («темир дәптер»ге) киргизилгенлерге мәмлекет бюджетинен бир мәртелик материаллық жәрдем берилиўи нәзерде тутылған еди.

Президент пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде барлық қала ҳәм районларда мәҳәллелер кесиминде мүтәж шаңарақлардың дизими дүзилди.

Мәҳәлле ақсақаллары ҳәм сектор басшыларының жумысшы топары үйме-үй жүрип, төлем ведомостлары бойынша 14  мың 596 шаңарақтың 64 мың 342 ағзасына паспорт тийкарында 14 миллиард 155 миллион 240 мың сум муғдарындағы нақ пулларды тарқатты. Соның менен бирге, аймақларда «темир дәптер»ге кирмеген, бирақ ҳақыйқатта жәрдемге мүтәж болған 4 мың 524 шаңараққа 459 миллион 165 мың 600 сум муғдарында сақаўат ҳәм жәрдем тийкарында материаллық жәрдем, азық-аўқат, дәри-дәрмақ өнимлери берилди.

Атап айтқанда, Әмиўдәрья районындағы жәрдемге мүтәж 1 мың 233 шаңарақта жасайтуғын 5 мың 879 ағзасының ҳәр бирине 220 мың сумнан жәми 1 миллиард 293 миллион 380 мың сум материаллық жәрдем пуллары тарқатылды.

Қоңырат районындағы социаллық қорғаўға мүтәж болған 1 мың 125  шаңарақтағы 5 мың 56 инсанның ҳәр бирине 220 мың сумнан, жәми 1 миллиард 112 миллион 320 мың сум материаллық жәрдем пулы тарқатылды.

Тахтакөпир районындағы «темир дәптер»ге киргизилген 480 шаңарақтың 1 мың 974 ағзасына 434 миллион 280 мың сум муғдарында материаллық жәрдем пуллары берилди.

Атап өтиў керек, Президентимиздиң пәрманы менен ажыратылған жәрдем пулы бир мәрте бериледи.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы