Елимизде әскерий хызметкерлердиң перзентлери ушын жоқары оқыў орынларына кириўде белгили дәрежеде жеңилликлер берилген. Жақында бир қатар әскерий тараў хызметкерлериниң перзентлерине кириў имтиханларында жеңиллик беретуғын усыныснамалар тапсырылды.

Президентимиздиң усы жыл 16-июньдағы «Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-майдағы «Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери әскерий хызметкерлерин ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, жоқары оқыў орынларына қабыллаў ушын қосымша квоталар ажыратылатуғын болды. Сол қатары, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлеринде хызмет етип атырған ўазыйпасын шын кеўилден, ҳүжданы менен ар-намысын барлығынан үстин қойып жумыс ислеп атырған, кәсиплеслери арасында өрнек болған хызметкерлерден 22 синиң перзентлерине жоқары оқыў орнына кириў ушын жеңиллик беретуғын усыныснамалар салтанатлы түрде тапсырылды.

– Президентимиз тәрепинен жасларға көплеген имканиятлар есиги ашылмақта, -дейди Гүлбану Әбдиева. – Мениң әкем Жеткербай Әбдиевтиң көп жыллар даўамында ҳуқық қорғаў уйымларында еткен хызметлери жоқары баҳаланып, маған жеңилликли усыныснама тапсырылды. Мен де берилген имканияттан нәтийжели пайдаланып, жоқары оқыў орнында жақсы оқыйман ҳәм келешекте әкеме уқсаған өз елине пайдасы тийетуғын инсан болыўға ҳәрекет етемен.

Инсан ушын перзентиниң жоқары нәтийжелерге ерисиўи, табысы барлық нәрседен жоқары турар екен, жеңилликлердиң берилиўи балаларының имканиятларын және де арттыратуғынлығынан тараў хызметкерлери айрықша миннетдар.                  

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы