Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң гезектеги пленумы болып өтти.

Онлайн режимде өткерилген илажда партияның барлық қурамы ҳәм депупатлық топарлары тәрепинен 2020-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслар, ерисилген нәтийжелер ҳәм жиберилген қәте-кемшиликлер сын көзқарастан додаланды.

Пленумда атап өтилгениндей, пандемияның дәслепки күнлеринен-ақ халықтың денсаўлығын сақлаў бойынша жумыслар баслап жиберилип, экономиканы қоллап-қуўатлаў мақсетинде зәрүрли илажлар әмелге асырылды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги партия фракциясы, сондай-ақ, халық депутатлары жергиликли кеңеслериндеги партияның депутатлық топарлары ағзалары тәрепинен усы мақсетлерге қаратылған 370 депутатлық сораўы әмелге асырылды. Партияның депутатлық топарлары тәрепинен 20 лаўазымлы шахстың есаплары тыңланды. Турақлы комиссияларға 15 мәселе алып шығылған болса, жергиликли кеңеслердиң сессияларында 6 баслама көтерилди.

Әҳмийетлиси, карантин ўақтында партия депутатлары ҳәм белсендилери халықтың кем тәмийинленген қатламына турақлы түрде әмелий жәрдем берип турды. «Сақаўат ҳәм жәрдем» басламасы шеңберинде Жоқарғы Кеңес ҳәм жергиликли кеңеслердеги депутатлар, партия белсендилери тәрепинен социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға 451 миллион сумнан аслам қайырқомлық джәрдемин көрсетти. Сондай-ақ, Бухара ўәлаятының Олот ҳәм Қаракөл районларында жүз берген тәбийғый апатшылықтан ҳәм Сырдәрья ўәлаятындағы Сардоба апатшылығының ақыбетинде жәбир көрген пуқараларға қайырқомлыҚ акция шеңберинде жәрдем көрсетилди.

Партияның «Хызмет – бийминнет» жойбары шеңберинде 36 бийпул оқыў курсы шөлкемлестирилип, оларда 170 ке шамалас жәмлеспеген жаслар менен ҳаял-қызларға қосымша билим ҳәм кәсип-өнер үйретилди. Бул курсларды жылдың екинши ярым жыллығында да өткериў белгилеп алынды.

«Үйме-үй» жойбары шеңберинде 800 ден аслам шаңарақлардың ҳалынан хабар алынып, олардағы жумыссыз отырған 70 жас пенен ҳаял-қыз жумысқа жайластырылды.

Нөкис қаласындағы «Имам ийшан Муҳаммед» жомъе мешитиниң әтирапы абаданластырылды ҳәм «Миллий тикланиш» партиясының бағы шөлкемлестирилди.

– Елимизде жүз берип атырған өзгерислер, жаңаланыўлар ҳәм реформалар процесинде сиясий партиялардың орны жылдан-жылға артып бармақта, -дейди партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жетекши қәнигеси Айгүл Өтениязова. – Бул сиясий партия хызметкерлерине үлкен жуўапкершилик жүклейди. Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы әсиресе, жаслар мәселесине айрықша итибар берип келмекте. Жақында ғана Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Жаслар парламенти шөлкемлестирилип, оған Қарақалпақстаннан бизиң партиямыздан бес жастың сайланыўы сөзимиздиң айқын дәлийли болып табылады.

Пленумда көрип шығылған барлық мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.    

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы