Усы жылдың 19-август күни түнги саат 03.00 де Нөкис қаласы А.Мусаев көшесинде Ласетти маркалы автомашина электр тармақларының жақтыландырыўшы бетон столбасына урылып, жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди.

Нәтийжеде усы автомашинада өрт келип шығып, оның салонындағы 4 пуқараның өмири қәўип астында қалды. Сол ўақытта усы аймақта хызмет ўазыйпасын атқарып атырған Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Патрул-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының хызметкерлери, қатардағы М.Уразымбетов, Н.Қалбаев, С.Абдиев ҳәм Т.Палымбетовлар жәрдемге келип, оларды жанып атырған автомашина ишинен алып шықты.

Сондай-ақ, тынышлық сақшылары жарақат алғанларға тез медициналық жәрдем келемен дегенше биринши жәрдем көрсетти ҳәм кейин емлеўханаға жиберди. Ўақыя орнына жетип келген Өрт қәўипсизлиги хызметкерлери болса, өртти сапластырыўға миясар болды.

Ҳәзирги ўақытта бул бахытсыз ҳәдийсениң келип шығыў себеплери үйренилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги