20-август күни Өзбекстан тәжирийбесинде биринши мәрте оқыў орынларына қабыллаў имтиханлары ашық спорт майданларында өткерилиў әмелияты «МИСиС» те басланды.

Имтиханлар жазба түрде «Математика», «Физика», «Информатика» және «Рус тили» пәнлери бойынша үш күн даўамында Алмалық қаласы «Металлург» спорт комплексиниң футбол майданында өткериледи. Имтихан күнлери усы жылдың  20-22-август күнлери етип белгиленген.

Спорт комплексиниң улыўма майданы 7 гектарды қурайды, имтихан өтиўи режелестирилген майданның параметрлери  70 м. га 90 м ди қурайды. Стадионда кириў орынлары 5, булардан екеўи имтихан ўақтында қоллаў мақсетке муўапық.

Абитуриентлер бир адамнан, аралықты 2 метр етип жайластырылды. Имтиханлар жоқары дәрежеде өткерилиўи, карантин қағыйдаларына  әмел етилиўи қадағалаўға алынған.

photo_2020-08-21_09-45-34.jpg

Миллий технологиялық изертлеўлер университети «МИСиС» тиң Алмалық қаласындағы филиалы ушын  2020-2021-оқыў жылында күндизги ҳәм сыртқы билимлендириў формасы бойынша қабыллаў квотасы 250 ди қурайды. Филиал тәрепинен 2020-жылдың  20-июльнен  31-июльне  шекем онлайн тәризде 1309 абитуриентлерден ҳүжжетлер қабыл етилди, сол қатары, күндизги билимлендириў формасы бойынша 790, сыртқы билимлендириў формасы бойынша 519 ды қурайды.

«МИСиС» тиң Алмалық филиалында «Металлургия (металл технологиясы )», «Автоматластырыў ҳәм технологиялық процеслер ҳәм ислеп шығарыўды басқарыў (тармақлар бойынша)» және де «Кәншилик» билимлендириў бағдарлары бойынша әмелге асырылады.

photo_2020-08-21_09-45-35.jpg

photo_2020-08-21_09-45-36.jpg

photo_2020-08-21_09-45-37.jpg

photo_2020-08-21_09-45-39.jpg

photo_2020-08-21_09-45-40.jpg

ӨзА