Усы жылдың 20-21-август күнлери Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте ZOOM бағдарламасы арқалы семинар-тренинг өткерилмекте.

ЮНИСЕФтиң Билимлендириў секциясы баслығы Дина Шанкар, Билимлендириў тараўы бойынша халықаралық мәсләҳәтши Мажена Рафальска, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы баслығы Улуғбек Ташкенбаев, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги бас басқармасының баслығы Мирзохид Ибрагимов тренерлик еткен илажға Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң, барлық районлық және қалалық халық билимлендириў бөлимлериндеги жуўаплы хызметкерлер қатнасты.

Қарақалпақстан Халық билимлендириў министрлигиниң берген мағлыўматына қарағанда, илаж улыўма орта билим бериў мектеплери жумысының ишки баҳалаў процесин нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тренерлер топарын таярлаў мақсетинде шөлкемлестирилген.

Илаж даўамында тыңлаўшылар билимлендириўдиң сапасы бойынша мәдениятты қәлиплестириў, сапаны тәмийинлеўдиң институционал системасы, улыўма орта билим бериў мәкемелерин аккредитациядан өткериўде халық билимлендириў тараўындағы басқарыў уйымларының ўазыйпалары, мектеплердиң жумысын ишки баҳалаў тәртиби ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.

Семинар даўамында тыңлаўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги