Карантин шараятында барлық қорғаныў илажларын көрген ҳалда жумыс алып барып атырған «Shomanay Eco Teks»  жуўапкершилиги шекленген жәмийети ири өндирис кәрханаларынан бири болып табылады.

Карантин ўақтында макроэкономикалық турақлылықты, экономика тармақлары ҳәм тараўларының үзиликсиз ислеўин тәмийинлеў, халықтың дәраматы кескин азайып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде Президентимиздиң 2020-жыл 19-марттағы «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы ҳәм 3-апрельдеги «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халықты, экономика тармақлары ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманлары қабыл етилди. Усы пәрманлар тийкарында өндирис, әсиресе, экспортёр кәрханаларда жумыс тоқтап қалмастан, карантин қағыйдаларына бойсынылған ҳалда алып барылмақта.

«Shomanay Eco Teks» ийирилген жип ислеп шығарыўға қәнигелескен заманагөй текстиль кәрханасы өз жумысын 2020-жылдың февраль айынан баслаған болып, бүгинги күнде бул жерде 600 ге шамалас пуқаралар  карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда жумыс ислеп келмекте. Олардан 70 проценти шоманайлы жаслар болып табылады. Пандемия ўақтында бул жерде өндирис бир күн де тоқтатылғаны жоқ.

– Кәрхана ашылғанынан берли ислеп киятырман, -дейди Шийрин Елмуратова. -Мениң ўазыйпам конуслы станогынан таяр болып келген сабақты мотальлы станокта үлкен валиклерге қайта ораў болып, күнине 8 саат жумыс ислеймен.

Районның «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан кәрхананың өними тийкарынан экспортқа бағдарланған болып, халықаралық стандартларға муўапық таярланады. Лаборатория хызметкерлери усы процести бақлап барады ҳәм зәрүр болса сапасыз өним ислеп шығарылыўының алдын алады.

– Лабораторияда сабақлардың жақсы ислеп шығарылыўын, сапасын қадағалап, күни-түни сабақ үлгилерин тексерип барамыз, -дейди лаборатория хызметкери Қызминайим Шайхманова. – Жумыс ўақтында барлығымыз медициналық нықапта, қолқапларда жүремиз, аралықты сақлаған ҳалда жумыс ислеймиз. Карантин ўақтында қағыйдаларға толық әмел етиў бизлердиң тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады.

– Бизиң фабрикамыз 7 мың 700 тонна шийки затты қайта ислеп, 6 мың 400 тонна таяр өним ислеп шығарыўға мөлшерленген, -дейди кәрхана баслығы Сүннет Ешмурзаев. – Ашылған ўақытта 3 мың 500 тонна ийирилген жип ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе болған еди. Соннан берли кәрхананың иштеги барлық қурылыс жумыслары жуўмақланып, жумыс көлеми де, жумысшылардың саны да артты. Өнимлердиң тийкарғы бөлеги Қытай, Пакистан ҳәм басқа да мәмлекетлерге экспорт етиледи. Кәрханамызда жумысшылардың денсаўлығына ҳәм қәўипсизлигине айрықша итибар қаратылады. Кәрханада ҳәр күни дезинфекция жумыслары әмелге асырылып, хызметкерлердиң температурасы өлшенеди. Жумысшылар ыссы аўқат пенен тәмийинленген ҳәм оларға ис ҳақылары өз ўақтында бериледи.

Барлық қала ҳәм районларда бүгинги күнде өндирис кәрханалары толық қуўатлылық пенен жумысын даўам еттирмекте. Соның менен бирге, халықтың бәнтлиги, денсаўлығы ҳәм қәўипсизлиги айрықша итибарға алынбақта.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы