БАЖЫХАНА ХАБАРЛАРЫ

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы контрабандаға ҳәм бажыхана нызамбузылыўына қарсы гүресиў бөлими тәрепинен Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте Төрткүл районында оператив илаж өткерилди.

Нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысының алдын алыў мақсетинде келип түскен мағлыўмат бойынша өткерилген илаж даўамында  «Ташкент-Нөкис» магистрал жолында ҳәрекетленип баратырған пуқара А.А. басқарыўындағы «ISUZU» маркалы жүк автомашинасы тоқтатылып көзден өткерилгенде, кабинасы ишинде еки дана шай ыдысына полиэтилен плёнкаға оралып жасырылған таблетка бар екенлиги анықланды.

Оператив илаж даўамында қурамында нәшебентлик зат болған «Трамадол Ланнахер 50 мг» деген жазыўы бар 75 конвалюта жәми 746 таблетка пуқара Р.Р. ға тийисли екенлиги мәлим болды.

Ҳәзир анықланған жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги