Қытай Халық Республикасының Ташкенттеги елшиханасы тәрепинен «Бир мәкан, бир жол» басламасы бойынша «Жипек жолы» мәмлекетлериниң журналистлерине халықаралық сыйлық ушын таңлаў жәрияланды.

Бул сыйлық «Терең репортаж», «Жаңалықларға түсиник», «Фотосъёемкалы репортаж», «Видеокөринисли репортаж», «Қосымша арнаўлы үлес» ҳәм «COVID-19» коронавирусқа  қарсы гүрес ҳаққында қысқа видео» номинациялары бойынша бериледи.

Ҳәр бир номинация ушын 1 лауреат ҳәм 4 талабан сайлап алынады.

Таңлаўға 2013-жылы «Бир мәкан, бир жол» басламасы алға қойылғаннан соң жәряланған материаллар қабыл етиледи. Бул материалларды 2020-жыл 31-декабрьге шекем www.brnn.com веб-бетине жүклеў зәрүр.

Қосымша мағлыўматлар бойынша Қытай Халық Республикасының Ташкенттеги елшиханасы жуўапкер хызметкериниң +99890 168-05-06 телефон номерине мүрәжат етиўи мүмкин.

 

ӨзА