Шымбай районы ҳәкимлигинде ӨзЛиДеП Шымбай районлық Кеңесиниң  депутатлық топарының мәжилиси болып өтти. Бул туўралы ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси Баспасөз хызмети хабар берди.

Мәжилисте районлық Ишки ислер бөлими баслығының орынбасары М.Өтегеновтың усы жылдың жети ай даўамында алып барған жумыслары бойынша есабаты, район ҳәкиминиң биринши орынбасары Д.Жолдасовтың мәҳәллелерде камбағаллықты қысқартыў, кем тәмийинленген шаңарақларда темир дәптердиң жүргизилиў тәртиплери ҳәм ҳүкиметимиз ҳәм де қәўендерлер тәрепинен көрсетилген социаллық жәрдемлери бойынша алып барылып атырған жумыслары бойынша есабатлары тыңланды.

Атап өтетуғын болсақ, район бойынша өткен жылдың жети ай даўамында 17 жынаят жүз берген болса, бул көрсеткиш усы жылдың жети ай даўамында 29 жынаятқа, яғный 70,9 процентке өскен.

Бул бойынша тийисли бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте мәҳәлле кесиминде  үйрениў жумысларын алып барыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў мақсетиндеги үгит-нәсият жумысларын еле де күшейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилис барысында депутатлар тәрепинен берилген сораўларға тийисли жуўапкер хызметкерлер тәрепинен жуўаплар берилип, олардың пикир-усыныслары тыңланды.

Мәжилис соңында, ӨзЛиДеП Шымбай районлық Кеңеси тәрепинен алда  турған ўазыйпалар белгиленип, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги