Усы жылдың 17-август күни COVID-19 инфекциясына гүманланып атырған наўқасларды емлеў мақсетинде Олимпия ҳәм миллий спорт шеберлиги мектеби базасында шөлкемлестирилген ўақтынша Анализлеў-бөлистириў ҳәм емлеў орайы өз жумысын баслады.

Орайдың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов шығып сөйлеп, бүгинги күнде халыққа үзиликсиз медициналық хызмет көрсетиў ҳәм коронавирус пенен наўқасланғанларды емлеўдиң сапасын жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстанда 167 тез жәрдем машинасы ҳәм COVID-ә9 кеселлиги белгилери болған пуқараларды емлеў орынларына жеткериў ушын Нөкис қаласында 42 дана ҳәм ҳәр бир районда орташа есапта 6-7 данадан, жәми республика бойынша 183 мобиль бригада жумыс ислеп атырғанын атап өтти. Сондай-ақ, республикада қыстаўлы медициналық жәрдем машиналарына болған талап толық тәмийинленген ҳәм бул бағдарда 838 шыпакер менен 1 мың 91 фельдшер хызмет етпекте.

Орайда 7 блоктан ибарат жәми 390 наўқас ушын орынлар шөлкемлестирилип,  1-қабатында дем алыўында қыйыншылықлар бар наўқаслар ушын 224 орынлы жатақ орынлары, 2-қабатында кеселлик белгилери жеңил кешип атырған наўқаслар ушын 166 орын таярланған. Кеселлик белгилери бар наўқасларды қабыллаў орнында ультрадаўыс тексериў, рентген аппаратлары, ЭКГ ҳәм лаборатория хызмет көрсетпекте. Наўқасларға анализ қойыў ҳәм емлеў ушын барлық зәрүрли медициналық үскенелер ҳәм дем алыўды жеңиллестиретуғын аппаратлар орнатылған. Жүриўге қыйналатуғын ҳәм аҳўалы аўыр наўқаслар ушын майыплық арбашалары ҳәм медициналық көтергишлер бар. Орайдың жумыс ислеўиниң үзиликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 14 күнлик нәўбетши сменада 150 тәжирийбели медициналық хызметкер 12 сааттан алмасады. Сондай-ақ, наўқасларды емлеўде тастыйықланған усылларды қолланыўды үйретиў мақсетинде емлеў процесине Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги Эпидемиология, микробиология ҳәм жуқпалы кеселликлер илимий-тексериў институтының жоқары тәжирийбели қәнигелери тартылған.

Арқа-батыс әскерий округи баспасөз хызметиниң берген мағлыўматына қарағанда, орайда 4 әскерий шыпакер менен әскерий медицина мәкемелериниң 4 киши медициналық персоналы да наўқаслардың денсаўлығын сақлаў, пандемия менен гүресиўде тәжирийбе алмасыў мақсетинде хызмет етпекте. Соның менен бирге, орай хызметкерлериниң, наўқаслардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, пандемияның тарқалыўына жол қоймаў ҳәм орай аймағын қорықлаў мақсетинде Арқа-батыс әскерий округи тәрепинен ўақтынша оператив штаб шөлкемлестирилген болып, онда күни-түни нәўбетшилик жолға қойылған. Оператив штаб орайдың ишинде орнатылған 8 дана видеобақлаў камералары арқалы турақлы түрде бақлап турыў ҳәм бирге ислесиў имканиятына ийе. Шыпакерлердиң Ташкенттеги орай менен мәсләҳәтлесиўи ҳәм тәжирийбе алмасыўы, наўқасларды емлеўде консилиумлар өткериўи ушын әскерий округ тәрепинен 24 саатлық онлайн видеоконференцбайланыс системасы жолға қойылған.

Ташкент тәжирийбесинен келип шығып, Нөкистеги 3 спорт объектинде мың орынлы, Қарақалпақстанның ҳәр бир районында 200-500 орынлы, жәми 5 мың 200 орынлы бөлистириў орайларының жумысы жолға қойылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги