Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2020-жыл «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳәм Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 29 жыллығына бағышлап «Сен – қүдирет дәреги, бахыт мәканы, жанажан Өзбекстаным!» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық видео-конференция болып өтти.

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, оның Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Миллетлераралық мүнәсибетлер ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитети, Мәденият министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Аралбойы аймағында жасайтуғын халықлардың руўхый-ағартыўшылық байланысларын раўажландырыў мәселелери ҳаққында сөз етилди. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ўәкиллери аўызбиршиликли түрде жасап келмекте. Олардың мәдениятын, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин, тилин раўажландырыў мақсетинде сонша миллий-мәдений орайлар  жумыс алып бармақта.

2019-жылы «Жәмийетлик пикир» жәмийетшиликтиң пикирин үйрениў орайы өткерген сораўдың нәтийжелерине бола, 98 проценттен аслам респондентлер елимизде жасайтуғын барлық миллет ўәкиллери Өзбекстанды өз үйи сыпатында билип, олардың ҳуқық ҳәм еркинликлери толық тәмийинленгенлигин атап өткен.

Конференция даўамында Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының баслшысы, сенатор М.Ҳожиматовтың «Мәнаўий реформалар – дослықты, татыўлықты беккемлеўге хызмет етеди», Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық мүнәсибетлер ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық байланыслары комитетиниң баслығы Р.Қурбоновтың «Миллетлераралық татыўлық – елимиздиң ең үлкен байлығы», Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Э.Дурдиевтың «Қарақалпақстан Республикасындағы миллий-мәдений орайлар» атамасындағы ҳәм басқа да баянатлар тыңланды.

– Бүгинги күнде Қарақалпақстанда қазақ, түркмен, рус, корейс, украин миллий-мәдений орайлары жумыс алып бармақта. Олар менен биргеликте ҳәр жылы дәстүрий түрде «Өзбекстан – улыўма үйимиз» сүрени астында мәденият ҳәм дослық фестивалы өткерип келинбекте. Фестиваль шеңберинде республикамызда жасайтуғын ҳәр қыйлы миллет ўәкиллериниң өзине тән миллий дәстүрлерин, үрп-әдетлерин сақлаў ҳәм раўажландырыўға қаратылған көргизбелер, миллий-мәдений орайлар жанында шөлкемлестирилген фольклорлық топарлардың гала концерти, «Ҳәрекетлер стратегиясының Миллетлераралық ҳәм конфессиялараралық тынышлық пенен татыўлықты беккемлеўдеги орны ҳәм әҳмийети» темасындағы дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, өткен жылы 18-19-сентябрь күнлери Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, «Мәрипат» үгит-нәсиятшылар жәмийети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңеси менен биргеликте «Мәнаўият фестивалы» өткерилди. Бүгинги онлайн конференция да усындай фестиваллардың даўамы болып табылады, -дейди Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайының Қарақалпақстан бөлими баслығы Қ.Юсупов.

Конференция даўамында Мәмлекетлик бағдарламаның 260-бәнтиниң орынланыўы бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен әмелге асырылған жумыслар, Аралбойы аймағында жасайтуғын халықлардың руўхый-ағартыўшылық байланыслары, бул байланыслардың келешеги, аймақлық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық кеңеслериниң жумысы талқыланып, пайдалы тәжирийбелер үгит-нәсиятланды.

Карантин талапларына әмел еткен ҳалда шөлкемлестирилген илаж даўамында миллий-мәдений орайлар ўәкиллериниң атқарған қосықлары илажға сән бағышлады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы