Биз быйылғы  жылы жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик тест тапсырыў қалай әмелге асырылады, быйыл қанша абитуриент ҳүжжет тапсырды, пандемияға байланыслы тест тапсырыў процесслеринде санитариялық-гигиеналық қағыйда талапларының орынланыўы қалай қадағаланады, тест сынақлары қашан басланады ҳәм ең баслысы нелерге итибар бериўи керек, деген бир қатар сораўларымызға Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы М.Абдуллаевтан жуўап алдық:

– Ҳүрметли Президентимиздиң 2017-жыл 16-ноябрьдеги ПҚ-3389-санлы қарары тийкарында жоқары оқыў орынларына кириў тест сынақлары үлкен сыйымлылыққа ийе болған павильонларда, спорт сарайларында өткерилиўи, тест сынақлары процесиниң видеобақлаў үскенелери арқалы қадағаланыўы, абитуриентлердиң шахсты идентификациялаў үскенелери жәрдеминде анықластырылып тестке киргизилиўи, ата-аналардың тест процесслерин онлайн көрип барыў мүмкиншиликлериниң жаратылыўы нәтийжесинде тест сынақларының ашық-айдынлығы тәмийинленбекте. Бул өз гезегинде халқымыз тәрепинен жақсы күтип алынды.

Бүгинги күнде жоқары оқыў орынларына ҳүжжет тасырыўдан баслап, абитуриентлерге мағлыўматларды тез ҳәм анық жеткерип бериў, тест сынақларының өткерилиўи, оның нәтийжелериниң жүдә қысқа ўақыттың ишинде, яғный тест тапсырған күнниң ертеңине шығарылыўы, тапсырылатуғын ҳүжжетлердиң максимал дәрежеде азайтылғанлығы да пуқаралар тәрепинен жақсы баҳаланбақта.

Быйыл 20-июнь күнинен 20-июль күнине шекем my.gov.uz  бирден-бир мәмлекетлик интерактив хызметлер порталы, Мәмлекетлик тест орайының abitur.dtm.uz  веб-сайты ҳәм айырым орынларда (мәселен, Мойнақ районында) Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы жоқары оқыў орынларының бакалавриатына абитуриентлердиң ҳүжжетлерин дизимнен өткериў жумыслары әмелге асырылды.

Белгиленген ўақыт даўамында Республикамыздағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына 1 миллион 484 мың 85 абитуриент ҳүжжетлерин дизимнен өткерди. Ал, қарақалпақстандағы 9 жоқары оқыў орынларына 82 мың 397 абитуриент өзлериниң ҳүжжетлерин онлайн дизимнен өткерди.

Усы жерде абитуриентлер ушын жаратылған және бир мүмкиншиликти айтып өтиўимиз керек. Быйылғы жылдан баслап Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен ҳәр бир абитуриентке 5 жоқары оқыў орны ямаса тәлим бағдарлары бойынша өзлериниң билимлерин сынақтан өткерип көриў мүмкиншилиги жаратылды. Егер абитуриентлер тәрепинен бес тәлим бағдарларын таңлаўы бойынша көрсеткишке қарайтуғын болсақ, 9 жоқары оқыў орынларына 378 мыңнан аслам абитуриентлер таңлаўда қатнасыў ушын ҳүжжет тапсырған.

Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде қабыллаў тест сынақлары қашан, қай жерде ҳәм қандай тәртипте өткерилиўи бойынша жәмийетшилик арасында ҳәр қыйлы гәп-сөзлер бар. Ҳүрметли Президентимиз усы жыл 6-август күнги 2020/2021-оқыў жылында жоқары оқыў орынларына қабыллаўды шөлкемлестириўге байланыслы мәжилисте тийкарғы мақсет пуқаралардың қәўипсизлиги, олардың саламатлығы екенлигин айрықша атап өтти.

Бүгинги пандемия дәўиринде үлкен сыйымлылыққа ийе болған спорт сарайларында, павильонларда тест сынақлары өткерилгенде, егер белгиленген социаллық аралықты сақлаған жағдайда да, тест сынағында қатнасыўшылар, абитуриентлер, топар қадағалаўшылары кеминде 2-3 саат даўамында үсти жабық имаратларда қалып кетиўи эпидемиологиялық талапларға жуўап бермейтуғынлығы қәнигелер тәрепинен анықланған. Соннан келип шығып, 2020/2021 оқыў жылы ушын тест сынақларын ашық аспан астында, стадионларда, үсти ашық спорт майданшаларында өткериў ҳәм тест сынақларын 12-14 күн аралығында жуўмақлаў белгиленди.

Қарақалпақстанда тест сынақларында қатнасыўы белгиленген абитуриентлердиң санына байланыслы үш жерде – Нөкис қаласындағы «Туран» орайлық стадионы, Қарақалпақстан балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясының стадионы ҳәм Республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң теннис корты тест өткерилетуғын орынлар сыпатында таңлап алынды.

Бүгинги күнде тест сынақларына таярлық көриў, оны ашық-айдын, тест сынақларын өткериў талаплары тийкарында әмелге асырыў ушын таярлық жумыслары алып барылмақта. Бунда ҳәр бир абитуриент ушын парта ҳәм стул, 0,5 л. ишимлик суўы, бир мәртелик медициналық нықап, қолғап пенен тәмийинлениў мәселесине айрықша итибар қаратылған. Тест сынақлары процесин бақлап барыў ушын видеобақлаў үскенелери орнатылмақта.

Тест сынағында қатнасыўы белгиленген ҳәр бир қатнасыўшының саламатлығын ойлаған ҳалда, кириў есиклери дезинфекциялық коридор менен тәмийинлениўи, ҳәр бир смена аралығында тест өткерилген орынлар дезинфекцияланыўы, абитуриентлер шахсты идентификациялаў қурылмалары арқалы киргизилиўи ушын барлық таярлық жумыслары көрилмекте.

Мағлыўмат ушын соны да айтыўымыз керек, тест сынақлары күнине еки сменада, күнниң салқын ўақытларында өткерилиўи белгиленген. Абитуриентлер еки пәннен жәми 60 тест тапсырмаларын орынлаўы ушын
3 саат ўақыт бериледи.

Абитуриентлер ушын айрықша еслетпе. Тест сынақларының өткерилиў ўақты карантин талапларының бийкар етилиўи менен байланыслы болып, ҳәзирги күнде 2-сентябрьден басланыўы режелестирилген. Мәлим болғанындай, ҳәр бир абитуриент өзиниң жеке мобиль телефон номери арқалы дизимнен өткен еди. Усы мобиль телефон номерлерине Мәмлекетлик тест орайы тәрипинен тест сынағы басланыўынан кеминде 10 күн бурын абитуриентке SMS хабар бериледи. Ал абитуриент болса, өзиниң жеке кабинетине кирип, оған берилген «Абитуриент рухсатнамасы»н шығарып алыўы тийис болады.  «Абитуриент рухсатнамасы»нда абитуриенттиң қайсы орында, қайсы сәнеде, қайсы сменада, саат нешеде тест сынағына келиўи, нешинши топарда қатнасыўы жазылған болады. Абитуриент тек ғана өзине тийисли паспорты ҳәм «Абитуриент рухсатнамасы» менен тест сынақларында қатнасады.

Барлық абитурентлерге әўмет тилеймиз!

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги