Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң усы жыл 18-август күнги мағлыўматларына қарағанда, коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 439 ға жетти. Соннан, 406 наўқас кеселликтен толық емленип шықты. Ҳәзирги ўақытта 18 наўқас Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында, 15 наўқас үй шараятында емленбекте.

Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында  57393 пуқара 14 күнлик медициналық бақлаўға алынған еди. Олардан 47480 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 10113 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте.

Усы жыл 15-августтан баслап мәмлекетимизде карантин қағыйдаларын басқышпа-басқыш жумсартыў бойынша жумыслар әмелге асырылмақта. Жәмийетлик транспортлар, аўқатланыў орынлары ҳәм басқа да халыққа хызмет көрсетиўши орынлар жумыс алып барыў ўактында пирометр ҳәм дезинфекция кураллары менен жетерлише тәмийинленген болыўы, бөлмелердиң ишки ҳаўасы кеминде еки мәрте алмастырылып турылыўы тийис. Карантин тәртиплери жумсартылғаны коронавирустың жоқ болғанын билдирмейди, керисинше адамлардан еле де карантин талапларын, жеке гигиеналық қағыйдаларды қатаң сақлап ҳәрекет етиўин талап етеди.

Есте сақлаң! Вирус ҳаўа-тамшы жолы арқалы адамлар менен жақын қатнаста болыў ўақытларында жуғады.

Ҳүрметли республикамыз пуқаралары!

Шыпакерлеримиздиң көрсетпелерине, карантин талапларына қатаң бойсыныўыңызды, өзиңизди жеккелеп үйде отырыў соралса, сол қағыйдаларға  бойсынып, үйде қалыўыңызды және бир мәрте еслетип өтемиз. Өз өмириңизди қәўип астында қалдырып, бийпәрўа болмаң. Басқалар менен қатнаста 2 метр аралықты сақлаң. Тез-тез қолыңызды, жүзиңизди жуўып турың.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги