Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы агроном-инспекторлары тәрепинен өнимлердиң сапасын сақлап қалыў мақсетинде дән ҳәм дән өнимлери қоймаханалары ҳәм оларда сақланып атырған өнимлер карантин тексериўинен өткерилмекте.

Жақында усындай илажлардың бири Тақыятас районындағы «Тақыятас дән» акциенерлик жәмийетинде өткерилди ҳәм фумигация илажлары алып барылды.

– Дән  өнимлеринде ушырасатуғын зыянкеслер қысқа мүддет ишинде тарқалады,-дейди инспекцияның Хожели районы  агроном-инспекторы Мурат  Ибрагимов. – Республикамыздың  климатлық шараяты да көплеген қоймахана зыянкеслериниң раўажланып, көбейиўи ушын жүдә қолайлы болып есапланады. Бул зыянкеслер өнимниң сапасын ҳәм муғдарын төменлетип жибереди.

– Ҳәзирги күнде «Уздавкарантин»  инспекциясы тәрепинген берилген газ  ҳалындағы таблетка ҳәм суйықлық түриндеги химиялық препаратлар менен ислеўге рухсат етилген,-дейди инспекцияның жетекши фумигаторы К.Сайтов. – Олардан Бром метил газ ҳалындағы химиялық препаратлары аўыл-хожалығы егинлериниң туқымлық материаллары, мийўе нәллери, дән өнимлери ҳәм басқа да карантин астындағы өнимлерге қолланылады.  Сондай-ақ,  және бир препарат гранулаға ийе  формада болып,  ҳәр бир таблетканың салмағы  3 граммға тең. Бул  препарат қоймаханалардағы дән өнимлери ҳәм басқа карантин астындағы өнимлерде ушырасатуғын зыянкеслерге қарсы қолланылады.  Магтоксин-66%, Фостоксин, Квикфос 56%, Фосфинал сыяқлы таблеткалар ҳәр бир карантин астындағы өнимлердеги зыянланыў дәрежесине қарап ҳәр бир куб метрге  3-9 граммнан  қолланыў   нормалары  белгиленген.

Карбофос 30-50% бул суйықлық болып, бул  препарат зыянкеслерге қарсы  гүресиў ушын қолланылатуғын фунгицид болып есапланады. Оннан  1м. kв. жерге  0,80-1,34 гр. муғдарында  суў еритпеси жәрдеминде араластырылып сеўиледи.

Бул  препаратлар менен ислесиў даўамында, әлбетте техника қәўипсизлигине әмел етиў зәрүр.

Химиялық  усыл  арқалы қоймаханаларды зыянсызландырыў-өнимниң сапасы ҳәм муғдарының сақланып қалыўына хызмет етеди.  Сапалы  ҳәм таза дән өнимлери халқымыздың  ырысқы-несийбеси.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги