Онлайн таңлаў

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен Өзбекстан, Қарақалпақстан ҳәм Башқуртстан халық артисти,  мәмлекетлик сыйлықлардың лауреаты, «Дўстлик» ҳәм «Эл-юрт ҳурмати Ел-журт ҳүрмети» орденлериниң ийеси Байрам Матчановтың туўылғанының 80 жыллығына бағышланған «Қосықшылық өнеримиздиң байтереги» ҳәм белгили қосықшы Замира Хожаназарованың туўылғанының 60 жыллығына бағышланған  «Жарқын жулдыз»  атамасында  онлайн таңлаў өткерилди.

Бул ҳаққында бизге Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң мәлимлеме  хызмети хабар бермекте.

Онлайн таңлаўға республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан жәми 72 талант ийеси қатнасты. Атап айтқанда, «Қосықшылық өнеримиздиң байтереги» атамасындағы таңлаўға 17-35-жас аралығындағы 52 ер қосықшы, ал «Жарқын жулдыз» атамасындағы таңлаўға 16 жастан 30 жасқа шекемги 20 эстрада қосықларын атқарыўшы қыз қатнасты.

– Елимизде талантлы жаслар көпшиликти қурайды. Министрлигимиз тәрепинен өткерилип атырған бул еки таңлаў жасларымыздың пандемия дәўиринде үйлеринде қалып, бос ўақытларынан утымлы пайдаланып, өз өнерлерин, ашылмаған қырларын жүзеге шығарыўға имканият жаратып берди, – дейди  министр орынбасары Жолдас Абдижамилов.

Төрешилер қурамы тәрепинен қатнасыўшылардың атқарыў шеберлигине, кийиниў мәдениятына айрықша итибар қаратылды.

Солай етип, онлайн таңлаў жуўмағында жеңимпазлар анықланды. «Қосықшылық өнеримиздиң байтереги» атамасындағы онлайн таңлаўында  Т.Тилеўмуратов (Нөкис қаласы) биринши, Ж.Жақсылықов (Кегейли районы) екинши, Р.Юсупов (Қоңырат районы) үшинши орынды ийелеген болса, таңлаў қатнасыўшылары «Байрам Матчанов қосықларын үгит-нәсиятлаўшы», «Ең белсенди қосықшы», «Ең жақсы даўыс ийеси», «Үмитли жас қосықшы» ҳәм «Таңлаўдың белсенди қатнасыўшысы» номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланды.

«Жарқын жулдыз» онлайн таңлаўында У.Сәрсенбаева (Кегейли районы) биринши, Г.Айтжанова (Хожели районы) екинши, Н.Бахиева (Қараөзек районы) үшинши орынды ийеледи. Қатнасыўшылар «Замира Хожаназарова қосықларын үгит-нәсиятлаўшы», «Сахна мәдениятын үгит-нәсиятлаўшы» ҳәм басқа да номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды.

Онлайн таңлаў жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги