Жақында Билимлендириў сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының басламасы менен Қарақалпақстандағы халық билимлендириў мәкемелериниң жаңа оқыў жылына таярлық жумыслары бойынша онлайн семинар өткерилди.

Онда Билимлендириў инспекциясының баслығы Улуғбек Ташкенбаев, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Аманжол Аяпов, тийисли басқармалардың, инспекцияның аймақлық бөлиминиң, қалалық ҳәм районлық халық билимлендириў бөлимлериниң баслықлары, сондай-ақ, халықаралық баҳалаў бағдарламаларына қәнигелестирилген 26 таяныш мектеплериниң директорлары қатнасты.

Илаж даўамында оқыў орынларын жаңа оқыў жылына таярлаў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасында белгиленген илажлардың орынланыўы, оқыў қарақалпақ тилинде алып барылатуғын улыўма билим бериў пәнлеринен онлайн сабақларға таярлық жағдайы, халықаралық баҳалаў бағдарламаларына қәнигелестирилген таяныш мектеплерде әмелге асырылған жумыслар, жаңа қурылыслар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында әмелге асырылып атырған оңлаў жумыслары бойынша мағлыўматлар тыңланды.

Атап өтилгениндей, 7-август күнги жағдай бойынша 726 мектептен 677 мектеп жаңа оқыў жылына таярланып,  378 мектепке оптикалық талшықлы байланыс линиялары қурылған.

Семинарда 2020-жылда режелестирилген педагог кадрлар аттестациясына таярлық, комиссиялардың ўазыйпалары ҳәм олардың қарары менен педагог кадрларға сертификат тапсырыў процеслеринде кемшиликлерге жол қоймаў бойынша да пикир алмасылды.

Сондай-ақ, коронавирус пандемиясы себепли быйылғы жыл даўамында тәжирийбе дәрежелерин тастыйықлайтуғын сертификатлардың әмел етиў мүддети 31-декабрьге шекем узайтырылғаны мәлим етилди. Додалаўлар даўамында педагогларды аттестациядан өткериў тәртиби ҳәм нәтийжелерди баҳалаў нормалары бойынша қатнасыўшыларды қызықтырған сораўларға жуўап берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги