Коронавирус пандемиясы дәўиринде экономикалық белсендиликтиң шекленгени адамлардың тиришилигине өзиниң тәсирин тийгизбей қалмады. Бундай шараятта ўақтынша жумыссыз қалған, дәрамат дәрегин жоғалтқан ҳәм аўыр турмыс шараятында жасап атырған халықты қоллап-қуўатлаў, оларға жәрдем қолын созыў әҳмийетли ўазыйпа болып табылады.

Президентимиздиң  усы жыл 30-июль күни қабыл етилген «Коронавирус пандемиясы ўақтында социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы бул бағдарда әҳмийетли қәдем болды.

Әмиўдәрья районының «Орта қала» аўыл пуқаралар жыйынында усы пәрман тийкарында пандемия ўақтында халықты социаллық қорғаў ҳәм мүтәж шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларды ҳәм «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық ҳәрекети шеңберинде районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң хызметкерлери менен 2-сектор жуўапкерлери қатнасыўында мәжилис өткерилди.

Онда аймақтағы мүтәж шаңарақларды анықлаўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде усындай шаңарақлар дизими қарап шығылды.

– Зәрүр ўақытта керекли жәрдемлерди алып, халқымыз бул илажлардан разы болмақта, -дейди районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары Муқаддас Бекназарова. – Бунда биз ҳақыйқаттан да  материаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың дизимин дүзиў, ажыратылған қаржыларды әдалатлы тарқатыў бойынша анық көрсетпелер тийкарында жумыс алып бармақтамыз.

Илажда «Орта қала» аўылы халқына Президентимиздиң «Коронавирус пандемиясы ўақтында социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәниси түсиндирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги