Халық билимлендириў министрлигине қараслы Республикалық Балалар китапханасы тәрепинен Жазыўшылар аўқамының жуўаплы хаткери, «Шухрат» медалының ийеси Бекназар Ерназаров пенен ZOOM видео бағдарламасы арқалы онлайн ушырасыў өткерилди.

Онда китапхананың китап оқыўшыларға аралықтан турып хызмет көрсетиў мақсетинде социаллық тармақлар арқалы онлайн жумыс ислеп атырған хызметкерлери, хызмет көрсетип атырған топарлардың белсенди оқыўшы-жаслары, муғаллимлер қатнасты.

Б.Ерназаровтың дәслепки дөретпелери 1970-жыллары баспасөзде жәрияланған болып, бүгинги күнге шекем оның «Ақ қус», «Мың қыздың ашығы», «Таң атқанда», «Дәўир нәпеси», «Пульс излеген бала» ҳәм тағы да басқа 10ға шамалас китаплары жарық көрди. Ол «Ғумша», «Қарлығаш» журналларының, «Қарақалпақстан» баспасының редакторы болып жумыс ислеген. 1989-жылдан Өзбекстан Журналистлер дөретиўшилик, 2001-жылдан Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының ағзасы болған болса, 2016-жылы «Шухрат» медалы менен сыйлықланады.

Ушырасыў даўамында жазыўшы Б.Ерназаров өзиниң дөретиўшилик жолы, шығармалары туўралы қатнасыўшыларға айтып берди. Жазыўшы өзиниң 2019-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан шыққан «Гезгенлер» китабы балаларға адамзаттың әййемги дәўирдеги турмыс тәризи менен танысыўға имканият жарататуғынлығын атап өтти.

Китапқумар оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жазыўшыдан жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги